23.12.2024, Дүйшемби

Мойнақта жаслар бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар болып өтти

Бүгин Мойнақ районы Жаслар орайында  жаслар бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар болып өтти. Онда район ҳәкими Е.Еденбаев, район прокурорыныӊ орынбасары И.Абдуллаевлар сөзге шығып, Президент Ш.Мирзиёевтиӊ Өзбекстан жаслары форумы ҳәм Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында жас әўлад мәпине қаратылған әҳмийетли идея ҳәм басламаларын, соныӊ менен бирге 2021-жылды «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтыӊ саламатлығын беккемлеў жылы» деп атама бергенин айырықша атап өтти. Соннан соӊ Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы М.Жумабаев илажға жыйналғанларды күн тәртиби менен таныстырып өтти.

 

Күн тәртибинде белгиленгениндей дәслеп райондағы кәрхана, мәкемелерден жәми 235 бос жумыс орынлары ушын мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Илажға аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан 100 ден аслам жас қатнасып, мағлыўматы, қанигелиги бойынша 30 жастыӊ жумыс пенен бәнтилиги тәмийинленди. Оларға районлық Халықтыӊ бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен жолламалар берилди.

 

Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасынан кейин  Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң Мойнақ районындағы Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы А.Утегенов тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы ислеп шыққан бизнес жойбарлар көргизбеси жаслардыӊ дыққатына усынылды. Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық Халық банки ҳәм «Агробанк» акционерлик коммерциялық Мойнақ филиаллары хызметкерлери тәрепинен жасларға ажыратылып атырған жеӊиллетилген кредитлер, булар қандай исбилерменлик жойбарлары ушын бериледи, қандай тәртипте бериледи сыяқлы мәселелер бойынша түсиниклер берди.

 

 Мойнақ районлық Халықтыӊ бәнтлигине көмеклесиў орайы директоры Ж.Тилеўлесов ыссыханалар, коперативлер шөлкемлестириўи ушын жасларға субсидиялар ажыратылатуғынлығын, оларды кәсипке оқытыўда  орай тәрепинен әмелий жәрдемлер берилетуғынын атап өтти. «Дослық бройлер» ислеп шығарыў кооперативи баслығы, жас исбилермен Д.Байнекеевке таўық жетилистириў, кооператив жумысларын алып барыў бойынша тәжирийбесин бөлисти. Илаж жуўмағында Мойнақ районы ҳәкими Е.Еденбаев, район прокурорыныӊ орынбасары И.Абдуллаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы М.Жумабаевлар қабыллаў өткизип, жаслардыӊ мүрәжатларын тыӊлап, сораўларына жуўаплар берди.

 Солай етип, жаслардың өз қызығыўшылығы бойынша 17 жас исбилерменликке, 12 жас кәсипке оқытылыўы басланды.

 


Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети