ЖАЛПЫ МӘЖИЛИС АЛДЫНАН
Усы жыл 4-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў
мәселелери бойынша комитетиниң парламент жоқары палатасының он екинши жалпы
мәжилиси алдынан видеоконференц байланыс тәризинде мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске Сенат
ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, жергиликли
Кеңеслердиң турақлы комиссияларының баслықлары, экспертлер ҳәм ғалаба хабар
қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Комитет мәжилисин
Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша комитетиниң баслығы
Б.Алиханов басқарып барды.
Илажда Сенаттың он екинши жалпы мәжилисинде көрип шығылатуғын мәселелер, соның ишинде, «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2020-жылда орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабаты дәслепки тәризде додаланды.
Атап өтилгениндей,
Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеўде макроэкономикалық турақлылық
және экономика ҳәм социаллық тараўлардың избе-из раўажланыўын тәмийинлеў, сырт
ел инвестицияларын тартыў, инвестиция орталығын жаратыў ҳәм аймақларды
социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў дәрежесин арттырыўға, ең
әҳмийетлиси, пандемия шараятында халықтың денсаўлығын қорғаўға, халқымыздың кем
тәмийинленген қатламын социаллық қорғаўды тәмийинлеўге айрықша итибар
қаратылды.
Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў ушын 3 триллион сум қаржы ажыратылып, 4 мың 866 километр ишимлик суў тармағы қурылды ҳәм реконструкцияланды. Нәтийжеде 1 миллион 200 мың халыққа ишимлик суў жеткерип берилди ҳәм ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 73 процентке жетти.
Сондай-ақ,
бағдарламада Арал апатшылығының унамсыз ақыбетлерин жумсартыўға айрықша итибар
қаратылып, теңиздиң қурыған ултанында 742 мың гектар жасыл қапламалы
тоғайлықлар, Нөкис, Үргенш ҳәм Хийўа қалаларының әтирапында жергиликли
терек-путалардан ибарат «жасыл белбеў»лер пайда етиў нәзерде тутылған.
2019-жылдың гүз-қыс
ҳәм 2020-жылдың бәҳәр айларында теңиздиң қурыған түбинде 743 мың гектар «жасыл
қаплама» ҳәм 3 мың гектар майданда шөлге шыдамлы өсимликлерден жайлаў пайда
етилген. Буннан тысқары, Аралбойы аймағын раўажландырыў және Инвестиция
бағдарламасы бойынша суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлериниң қурылысы бойынша
103,1 миллиард сумлық 222,3 километр ишимлик суў тармағын қурыў ҳәм оңлаў
жумыслары орынланып, 95,7 миллиард сумға қаржыландырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында ислеп шығылған республикамызды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасына жәми 2788 жойбар киргизилген. Соннан өткен жылдың декабрь айы жағдайына 1207 жойбар қаржыландырылып, 705 жойбар иске түсирилди. Соның нәтийжесинде 4 мың 411 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылды.
Қатнасыўшылар Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың аймақлар кесиминде өз мүддетинде ҳәм сапалы орынланыўы бойынша үйрениўлер өткериў зәрүрлигин атап өтти.
Күн тәртибиндеги
мәселелер бойынша мәжилисте тийисли қарар қабыл етилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң
шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.