Мәмлекетимизде жас аўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме
қоллап-куўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Буның айкын мысалы сыпатында бүгин Шымбай районында
өзиниң билими ҳәм мийнети менен жәмийетимиз раўажына үлес қосып атырған жас
шаңарақлар ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға жаңа турақ жай имараты
пайданалыўға тапсырылды.Салтанатлы ашылыў мәресимине район ҳәкими А.Тажетдинов қанасты ҳәм имарат
ийелерин жаңа турақ жайға ийе болғанлығы менен қутлықлады.
«Тағжап жаңа қурылыс»
ЖШЖ тәрепинен «Жипек жолы» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында 4 қабатлы,
24 квартиралы, 2 ҳәм 3 ханадан ибарат
болған турақ жайлар өз ийелерине
тапсырылды.
Шымбай районы ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети