23.12.2024, Дүйшемби

8 жасар қызды урламақшы болған шахс қолға алынды

 Социаллық тармақларда Ташкент ўәлаятының Янгийўл  қаласында оқыўшы қызды урламақшы болған ҳәм ўақыя орнынан жасырыныўға ҳəрекет еткен шахс ҳаққындағы хабарлар тарқалған еди.

Бүгин бул шахс Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен қолға алынды.

 

 2021-жыл 29-январъ күни саат:12:10 ларда, Янгийўл қалалық 10-санлы улыўма орта билим бериў мектепбиниң 1-класс оқыўшысы A.С. ны мектептен шыққан ўақтында бийтаныс шахс қолынан услап, «Жүр, сени анаң күтип турыпты, мен алдына алып бараман» деп алдап, Янигйўл қаласы вокзалы тәрепке алып кеткен. Вокзал көшесинде жайласқан кәбәбхана жумысшысы пуқара Aбдулазиз Aбидов жас қыздың жылап қарсылық көрсетиўине қарамастан, қолынан жетеклеп баратырған шахсқа итибар қаратып, олар тәреп жуўырып барған. Буны көрген бийтаныс шахс қызды қалдырып қашып кеткен.

 

Пуқара Aбдулазиз Aбидов қызды саў-саламат билим алып атырған мектепке апарып, класс басшысына тапсырған.

Усы жағдай бойынша бийтаныс шахсқа Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 137-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, излеўге берилген.

 

Оператив иләжлар нәтийжесинде излеўдеги шахс усы жылдың 4-февралъ күни саат 10:00 әтирапында Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен қолға алыныпИИБға тапсырылған.

 

Aлып барылған сорастырыў жумыслары нәтийжесинде бул шахс Ташкент ўәлаяты, Аққорған районында жасаўшы, алдын Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 97-статьясы (Қасттан адам өлтириў) 2-бөлими 164-статьясы (Басқыншылық) 2-бөлими менен судланған, 1983-жылда туўылған пуқара Х. Т. екенлиги анық болған. Ҳәзирде сорастырыў жумыслары даўам етпекте.