23.12.2024, Дүйшемби

Суд додалаўы әшкаралығы әдил судлаўды әмелге асырыўдың әҳмийетли кепили

Суд додалаўы әшкаралығы, судлар искерлиги ҳаққында жәмәәтшиликке өз ўақтында ҳәм объектив мағлыўмат бериў жәмийетте ҳуқықый хабардарлық дәрежесиниң артыўына имканият жаратады, әдил судлаўды әмелге асырыўдың әҳмийетли кепиллиги есапланады, судлаў искерлиги үстинен жәмәәтлик қадағалаўын тәмийинлеў ҳәм судқа деген жәмийет исенимин арттырыўдың нәтийжели қуралы есапланады.


2021-жыл 4-февраль сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы судының мәжлислер залында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьялары тәрепинен жергиликли журналистлер ҳәм блогерлер ушын ушырасыў өткерилди.


Онда суд уйымларының ашықлығы мәселелери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң суд мәжлислеринде қатнасыў тәртиби, суд додалаўының ашықлығы ҳәм судлар искерлигине байланыслы мағлыўмат алыў ҳуқықын тәмийинлеў маселелери кен сөз етилди. Сондай-ак,  тараўға байланыслы әмелдеги кодекслерге киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар ҳақкында, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 21-февраль күнги «Суд додалаўы әшкаралығын ҳәм судлар искерлигине байланыслы мағлыўмат (хабар) алыў ҳуқықын тәмийинлеў ҳаққында»ғы 4-санлы қарарының мазмун-мәниси бойынша судьялар түсиник берди. Буннан тысқары, журналист ҳәм блогерлердиң ашық суд мәжлислеринде катнасыўы бойынша билдирилген сораўларына ҚР судының  пуқаралық коллегиясы судьясы Еркин Өтениязов,  ҚР судының жынаят коллегиясы судьясы Махмуд Байниязов,  ҚР судының экономикалық коллегия судьясы Спартак Ниязов, ҚР ҳәкимшилик судының судьясы  Полат  Дошмуратовлар жууап берди.


Ушырасыўда журналист ҳəм блогерлер тəрепинен усыныслар билдирилди.