Бүгин, 4-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис
мәмлекетлик педагогикалық институты киши мәжилислер залында институт жәмийетлик
кеңесиниң өткен жыллардағы алып барған жумысларын додалаў ҳәм алдағы
исленетуғын ўазыйпаларға арналған мәжилис болып өтти.
Илажды институт ректоры Б.Отемуратов басқарып барды.
Мәжилисте жәмийетлик кеңестиң өткен жыллардағы жумысларына сын көзқарастан баҳа берилип, исленген жумыслар менен бирге орын алып атырған кемшиликлер ҳаққында сөз болды.
Институт профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм
олардың ата-аналары менен беккем байланыслар орнатыў, олардың ҳуқық ҳәм
мәплерин қорғаў менен бирге ўазыйпа және миннетлемелерин толық атқарыў бойынша
қадағалаў орнатыў, билимлендириў тараўында орын алып атырған ҳәр қыйлы
машқалалы жағдайлар, соның ишинде, дәмегөйлик, коррупция сыяқлы иллетлер
бойынша жәмийетлик кеңес тәрепинен алдағы исленетуғын жумыслар белгилеп алынды.
Илажда кеңес ағзалары қурамына айрым қосымша ҳәм
өзгерислер киргизиў усынысы ортаға тасланды. Алдын барлық проректорлар, бөлим
ҳәм кафедралардың баслықлары жәмийетлик кеңес ағзасы болған болса, бул
әмелиятты бийкарлап, орнына мәмлекетлик, соның менен бирге, мәмлекетлик емес
ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, сиясий партиялар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери
ҳәм блогерлер, студентлер ҳәм олардың ата-аналарын киргизиў усыныс етилди.
Билдирилген усыныслар, сондай-ақ, жәмийетлик кеңес баслығы етип профессор Қутлымурат Қощанов ҳәм оның орынбасарлығына Моятдин Жәлеловты сайлаў усынысы да кеңес ағзалары тәрепинен мақулланды ҳәм институт жәмийетлик кеңесиниң жаңаланған қурамы тастыйықланды.
Жәмийетлик кеңес тәрепинен көтерилген мәселелер
институттың ҳәр бир илимий кеңесинде көрип шығылыў әмелияты жолға
қойылатуғынлығы қосымша етилди.
Еслетип өтемиз, институт жәмийетлик кеңеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик уйымлар жанында жәмийетлик кеңеслердиң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2018-жылдың октябрь айында шөлкемлестирилген еди.
Мағлыўмат ушын, кеңес өз жумысын жәмийетлик тийкарда алып барып, турақлы жумыс алып барады. Кеңестиң қабыл еткен қарарлары усыныс характерине ийе болады. Қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде институт мәплерин қорғаў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң ҳуқықларын қорғаў, оқыў процесин жетилистириўге бағдарланған усыныслар ислеп шығыў, тараўға байланыслы жәмийетлик хызметлер көрсетиў, жәмийетлик шериклик шеңберинде әмелге асырылатуғын келисимлер, шәртнамалар, жойбарлар ҳәм бағдарламаларды жүзеге шығарыўда институт ҳәм оның жуўапкер тәреплериниң жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў жәмийетлик кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады.
НМПИ Мəлимлеме хызмети