23.12.2024, Дүйшемби

Жанбасқала естелиги ҳаққында

Жанбасқала естелиги б.е.ш. IV-III ҳәм б.е. IV әсирлерине тийисли болып, бул естелик ҳәзирги Төрткүл районы  Султан Ўайс таўының қубла-шығысында Келтеминар АПЖ аймағында жайласқан. Жанбасқала майданы 200×170 метр болып, реже бойынша туўры төртмүйешли етип салынған. Естелик қам гербиш ҳәм пахсадан исленген қалың қос дийўаллар менен оралған. Қаланың дийўал қалыңлығы 5 метр болып, бийиклиги 11 метрди қурайды. Жанбасқалада археолог С.П. Толстов басшылығындағы Хорезм археология-этнографиялық экспедициясы  1938-1939-жыллары қазыў жумысларын алып барды. Иззертлеўлер ңәтийжесинде қаладан ерте дәўирлерге тийисли көплеген гүлəл ыдыслардың сынықлары, металдан исленген үй-хожалық буйымлары табылған. Усы табылмалар тийкарында қала б.е.ш. IV-III әсирге тийисли екенлиги анықланды.


Қаланың кирер дәрўазасы бар болып ҳәм ол минаралар менен беккемленген. Минара дәрўазадан бир нешше метр сыртта жайласқан. Дәрўаза қурылысы бойынша  бир нешше айланба жолдан ибарат болып, оннан ишке қарап бир қанша кеңликте узын көше өткен. Үлкен көше еки тәрепке созылған киши көшелердиң бойында қала халқы жайлары жайласқан ҳәм көшениң төринде от храмы жайласқан. Бул дәўирде отқа сийыныў дәстүри кеңнен тарқалған. От храмы - үлкен жайдың арнаўлы өжиресинде гербиштен өрилген сыпа тәризли текшеде жайласқан. Бул жер үлкен сыйыныў орны есапланған ҳәм қала халқы жәмийетлик жыйналысларды да усы от храмы әтирапында шөлкемлестирген. Қала қурылысы бойынша пухта режелестирилген болып, бийик ҳәм қалың дийўаллары узақ ўақыт ҳалықты душпан басқыншылығынан сақлап турған. Сиртқы дийўаллары минараға ийе болмаса да, оларға көп санлы өқ жайшылар ушын тесиклер орнатылған ҳәм қаланы қорғаў ўақтында пүткил қала халқы қатнасқан.