Президентимиз
Ш.Мирзиёев 2020-жылдыӊ 25-декабрь күни өткерилген Ɵзбекстан Жаслары форумында
жасларда мотивация, бизнес ҳǝм исбилерменлик тараўында зǝрүр билим ҳǝм
көнликпелерин қǝлиплестириў керек екенлигин атап өтти.
Сол арқалы
оларды исбилерменликке кеӊ түрде тартыў ҳǝм бǝнтлигин тǝмийинлеў бойынша “Ҳǝр
бир исбилермен-жасларға ғамхор” басламасын қоллап-қуўатлаўда ҳǝм усы баслама
арқалы аймақлардағы жумыссыз жасларды өнерге ҳǝм исбилерменликке оқытыўды
тǝмийинлеў менен бир исбилерменге бир жумыссыз жасты бириктириў арқалы олардың
бǝнтлигин тǝмийинлеў ўазыйпасы қойылды.
Бүгин
райондағы Жаслар орайында “Жаслар 1+1” дǝстүри тийкарында жумыссыз ҳǝм
жǝмлеспеген жасларды тǝжирийбели исбилерменлерге бириктириў бойынша
ушырасыў болып өтти.
Онда район ҳǝкими М.Қайпанов дǝстүрдиӊ мазмун-мǝнисин жасларға ҳǝм исбилерменлерге түсиндирип өтти. Сондай-ақ, усы арқалы районда жумыссыз жаслардыӊ бǝнтлигин тǝмийинлеўге ерисиў ҳǝм оларда исбилерменлик көнликпелерин пайда етиў мүмкиншиликлерине айрықша тоқталды.
Ɵткерилген ушырасыў даўамында
ҳǝр бир исбилермен өзлерининиӊ аймақларындағы жумыссыз жасларды имканият
дǝрежесинде жумыс пенен бǝнтлигин тǝмийинлеўге жǝрдем беретуғынлығын мǝлим
етти.
Бозатаў
районы ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети