Бүгин, 2-февраль күни Хожели районындағы «Жаслар дәптери»не
киргизилген 10 жумыссыз жасқа Жаслар ислери агентлиги Хожели районы бөлими ҳәм
Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен
таярланған арнаўлы «Сертификат»лар тапсырылды. Атап өтиў орынлы,
Хожелиде 2020-жыл декабрь айында «Жаслар дәптери» дизиминдеги жумыссыз жасларға
бийпул ыссыхана қурып берилген еди.
Бул имканияттан нәтийжели пайдаланып, өним ҳәм қосымша
дәрамат алыўға үлгерген Алишер Хайтбаев 1 соток жер майданынан ерте бәҳәр
мәўсими алдынан 2 тоннадан артық қыяр өнимин алыўды режелестирген.
Хожели районы ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети