Бугин, 2-февраль күни мойнақ районы прокурорының орынбасары
И.Абдуллаев жаслар менен ушырасты.
Райондағы мәкеме ҳәм кәрханалар, коммерциялық банклер
филиаллары басшыларының қатнасыўында Жаслар орайы имаратында болып өткен
ушырасыўда исбилермен ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетиндеги жаслардан
Малика Батырованың тигиў цехын кеңейтиў ушын, Бахадир Жубатқановтың ыссыхана
қурыў ушын банк кредити, Гулбаныў Өтениязваның футбол майданшасы қурыў ушын жер
орны ажыратылыўы бойынша сораған
муражатлары бойынша әмелий жәрдем көрсетилетуғын болды.
Ушырасыўда район жасларынан буннан басқа да мәселелер бойынша
улыўма 12 мурәжат келип тусти.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети