Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында фермер хожалықларына жер ажыратыў ҳәмде жерлерди мәмлекетлик резервке қайтарып алыўда жүзеге келип атырған машқаларды сапластырыў бойынша нызам талапларын түсиндириў ҳәмде келешекте бундай машқалалардың алдын алыў мақсетинде семинар болып өтти.
Семинарға
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы З.Реймова,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси
баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары
С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбеткадыров ҳәмде
Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли ҳәм Бозатаў районларының ҳәкимлери
қатнасты.
Семинарды Шымбай район ҳәкими А.Тажетдинов ашты ҳәм
басқарып барды. Семинарда күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан
Республикасы әдиллик министри С.Мамбеткадыров, Қарақалпақстан Республикасы
экономикалық суды судясы Г.Ешназарова, Қарақалпақстан Республикасы бөлими
прокуроры С.Раймовлар сөзге шығып семинар қатнасыўшыларына жүзеге келип атырған
машқалаларды сапластырыў бойынша нызам талаплары ҳаққында кең түрде түсиниклер
берди.
Шымбай
районы ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети