Қарар жойбарына муўапық, 2022-2023-оқыў жылынан баслап улыўма орта, орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери ҳәм кәсип-өнер мектеплери питкериўшилериниң аттестатына (дипломының қосымшасына) мәжбүрий 11 жыллық оқыўдың соңғы 6 жыллық баҳаларының орташа көрсеткиши киргизилиўи жобаластырылмақта.
Билимлендириў мәкемелери ҳәм кәсип-өнер мектеплерине жуўапкер
министрлик және уйымлар 2022-2023-оқыў жылынан баслап өз питкериўшилериниң
соңғы 6 жыллық баҳаларын көрсетип бериўши электрон платформа жаратады. Баҳалар
электрон платформаға ҳәр оқыў жылы ушын июнь айында киргизиледи.
Баҳалардың
орташа көрсеткиши қалай есапланады?
Улыўма орта билим бериў мәкемесиниң питкериўшилери баҳасының
орташа көрсеткишин есаплаўда питкериўшиниң 6-11-класслардағы жыллық баҳаларының
улыўмалық жыйындысы ҳәр бир класстағы оқыған пәнлер санының улыўмалық
жыйындысына салыстырмалы алынады.
Орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери ҳәм қабыллаўы 9-класс
тийкарында әмелге асырылатуғын кәсип-өнер мектеплери (колледж, лицей)
питкериўшилери баҳасының орташа көрсеткишин есаплаўда питкериўшиниң
6-9-класслардағы және 1-2-басқыштағы улыўма билим бериў пәнлери бойынша жыллық
баҳаларының улыўмалық жыйындысы оқыған улыўма билим бериў пәнлери санының
улыўмалық жыйындысына салыстырмалы алынады.
Жоқары
оқыў орынлары имтиханларында орташа көрсеткишти есапқа алыў
Жоқары оқыў орынларына қабыллаў тестлери жуўмақланғаннан соң,
белгиленген мүддетте, абитуриентлердиң тест сынағында топлаған балларына
олардың орташа көрсеткишлери қосылады, соннан кейин оқыўға таңлаў әмелге
асырылады.
Егер абитуриент имтиханда максимал баллдың 30 процентинен кем
балл топласа, ажыратылған квота шеңберинде таңлаўда қатнаса алмайды.
Қабыллаў процесинде абитуриент тәрепинен усынылған аттестаттағы
ямаса дипломының қосымшасындағы баҳалар менен арнаўлы электрон платформаға
киргизилген баҳалар арасында айырмашылық анықланса, бундай жағдайда
абитуриенттиң кейинги жағдайы кириў имтиханларында (студентликке қабыл етилген
болса) студентликке қабыл етилген тәлим бағдары шеңберинде қайта көрип шығылады.
Егер киргизилген өзгерислер себепли абитуриент топлаған балл қабыллаў
шегарасынан төменлеп кетсе, бул абитуриент жоқары оқыў орнына қабыл етилмейди.
Қарар жойбары усы жылдың 16-февраль сәнесине шекем додалаўға
қойылған.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.