“Aўыл хожалығы машинасазлық тараўында саламат бәсеки
орталығын жаратыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-4969-санлы,
01. 02. 2021 ж.) қабылланды.
🔰
Қарарға муўапық, аўыл хожалығы машинасазлық тараўында ислеўши жергиликли аўыл
хожалығы техникасын ислеп шығарыўшылар:
➖
Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын аўысық бөлеклер ҳәм бириктириўши буйымларды импорт
қылыўда белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша 2022-жыл
1-январға шекем бажыхана төлемлеринен (ҚҚС ҳәм бажыхана жыйымынан тысқары )
азат етиледи;
➖
аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў ҳәм оған сервис хызметин көрсетиў ушын бириктириўши
буйымлар, шийки зат ҳәм материалларды импорт қылыўда товарлар еркин мәмилеге
(импортқа) шығарыўдың бажыхана режимине жайластырылған сәнесинен баслап ҚҚСни
270 күн кешиктирип төлеўи мүмкин.
✅
Соның менен бирге, қарарға муўапық, қарарға муўапық импорт етилетуғын аўысық
бөлеклер ҳәм бириктириўши буйымлардың дизимлери ҳәм оларға дүзетиўлер киргизиў жеңиллик
берилген шөлкем тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм олар бойынша “Жойбарлар ҳәм
импорт контрактларын комплексли экспертизалаў орайы” МУКтың унамлы жуўмағы
алынған тағдирде, импорт етиўши ҳәр қандай шөлкемлер дизимде көрсетилген
товарларды белгиленген тәртипте импорт қылыў ҳуқықына ийе болады.
Дерек: https://t.me/huquqiyaxborot