Жоқары оқыў орынларында оқыў
процесин кредит-модуль системасында шөлкемлестириў жумыслары 2020-2021-оқыў
жылынан баслап енгизилмекте.
Баслы өзгерислер – алдын оқыў
ҳәптелери 38-40 ҳәпте дөгерегинде болған болса, кредит-модуль системасы
енгизилгеннен соң бул мүддет 36 ҳәптеге түсти. Әпиўайыластырып айтқанда,
академиялық сабақ процесслери 10 айдан 7,5-8 айға түсирилди.
Студентлер бир семестрде 15 ҳәпте
оқыйды. Егер бир семестрге 18 ҳәпте ажыратылған болса, оның еки ҳәптеси
студентлер ушын өзлестирилмеген пәнлерин өзлестириўге, және бир ҳәптеси жаңа
пәнлер ҳәм оқытыўшыларды сайлаўға сарпланады.
Және бир әҳмийетли тәрепи – үшинши,
жазғы семестр де қосылған. Бул – дем алыс дәўирине туўра келеди ҳәм
студентлердиң арзасына муўапық, пәнлерден баҳа алмағанлар ушын
шөлкемлестириледи. Үшинши семестр ушын арза берген студентлер белгиленген
тәртипте қосымша қаржы төлейди.
Ҳәзирше бул система бойынша сораўлар
келип түспекте, бирақ үш жылдан соң ҳәмме усы системаға толық үйрениседи, — деп
айтып өтти МҒКАда болып өткен баспасөз конференциясында Жоқары ҳәм орта арнаўлы
билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы А.Холиқов.
Қарақалпақстан хабар агентлиги