23.12.2024, Дүйшемби

Коронавирустың "британша" штаммының белгилерин билесизбе?

Уллы Британияның Миллий статистика хызмети коронавирустың "британша" деп аталыўшы жаңа штаммына жөтел, күшли шаршаў, тамақ ҳәм булшық етлердеги аўырыў сыяқлы белгилерге ийе екенлигин, бирақ ийис ҳәм дәм сезбеў белгилери болса алдынғы штаммдағыға қарағанда кемирек ушырасатуғынын анықлады.

 

Мәкемениң жуўмақлары Aнглияда  тосаттан таңлап алынған ҳәм "COVID-19" диагнозы қойылған 6 мың адамның мағлыўматларын қайта ислеў нәтийжесинде шығарылды.

 

Ийис ҳәм дәм сезбеслик сыяқлы белгилер жаңа  штамм менен наўқасланғанларда кемирек ушыраспақта. Бирақ олар еле де кеселликтиң үш тийкарғы белгилери (жоқары температура, жақында пайда болған тынымсыз жөтел ҳәм дәм сезиўшеңликтиң өзгериўи ) арасында.

 

Наўқасланғанлардың көпшилигинде усы үш белгиден кеминде биреўи анықланбақта.

 

Статистика мәкемеси хызметкерлери жаңа "COVID-19" штаммына ижобий тест алыўдан алдын бир ҳәпте даўамында наўқаслар басынан кеширген белгилерди анализледи. Олар "тийкарғы" (алдынғы) штаммды жуқтырғанлардың белгилери менен салыстырылды.

 

Бунда 2020-жыл ноябрь айының орталарынан 2021-жыл январь айы орталарына дейин наўқас болған адамлардың нәтийжелери есапқа алынды. Мағлыўматлар соны көрсетти, жаңа штамм биринши жағдайда болғаны сыяқлы үш емес, еки ген менен туўры келеди.

 

3,5 мың адамнан ибарат жаңа штаммды жуқтырғанлар топарынан:

• 35 пайызы жөтел;

• 32 пайызы шаршаў;

• 25 пайызы булшық ет ҳәм денениң аўырыўы;

• 21,8 пайызы болса тамақ аўырыўынан арыз еткен.

 

Алдынғы штамм менен кеселленген 2,5 мың адамлық топардан:

• 28 пайызы жөтел;;

• 29 пайызы шаршаў;

• 21  пайызы булшық ет ҳәм дене;

• 19 пайызы болса тамағы аўырғанын айтқан.

 

Мәлим болыўынша, жаңа штаммды жуқтырғанлардың  16 пайызы дәм сезиўин, 15 пайызы ийис сезиў қәбилетин жоғалтқан.  Бул ески штамм менен аўырған адамлардағыға  қарағанда кемирек (еки жағдайда 18 пайыз).

 

Бас аўырыўы, дем алыўдың қыйынласыўы яки диарея ҳәм қусыў жағдайлары бойынша   мағлыўматлар еки штаммда да бирдей болған.

 

Алымлардың пикиринше, вирустың қурамындағы айырым өзгерислер  организмниң иммун реакциясына тәсир етиўи ҳәм  инфекцияны келтирип шығаратуғын белгилерге де тәсир етиўи мүмкин. Жаңа штаммды жуқтырғанлардың организминде вирус интенсив рәўиште көбейип кетиў мүмкиншилиги жоқары. Бул болса инфекцияның пүткил денеге кеңирек тарқалыўына  ҳәм күшли жөтел, булшық етлерде аўырыў ҳәм шаршаўдың пайда болыўына алып келиўи мүмкин.

 

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Жәмәәтшилик пенен байланыслар бөлими