1-февраль, дүйшемби
күнинен баслап Өзбекстанда метан газдиң баҳасы 2800 сумға шекем көтериледи. Бул
ҳаққында «Effect.uz» сайты хабар берди.
Мәлим болыўынша,
қысылған газ ҳәм энергия ресурсларына болған акциз салығы көтерилгени себепли
2021-жыл 1-февральдан баслап 1 кубометр газдиң баҳасы 2800 сумға шекем
қымбатлайды.
Еслетип өтемиз,
2021-жыл 1-февральдан бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет
ҳақы және стипендиялар муғдары 1,1 есеге (10 процентке) көбейтиледи.
Яғный:
Мийнетке ҳақы төлеўдиң
ең кем муғдары – айына 747 300 сум;
Базалық есаплаў
муғдары – 245 000 сум;
Бала еки жасқа
толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа – 434 000 сум;
Кем тәмийинленген
шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем 326 000 сумнан 653 000
сумға шекем етип белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.