Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары
аймақлық бас басқармасы балансындағы Беруний районы аймағынан өтиўши улыўма
пайдаланыўдағы халықаралық əҳмийеттеги А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль
жолының 619-627 км аралығында пуқаралар ҳәм автотранспорт абасқарыўшыларының ҳәрекет
қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, күнделикли оңлаў жумыслары есабынан 8 км
узынлықтағы жемирилген жол қапламасын, кесип алып оңлаў жумыслары Беруний
районы жоллардан пайдаланыў унитар карханасы тəрепинен әмелге асырылмақда.
ҚР Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети