22.12.2024, Екшемби

94 млн. сум муғдарында бюджеттен ажыратылған пуллар өзлестирилген

Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң “Инфрадүзилмени раўажландырыў бойынша инжиниринг компаниясы” Қарақалпақстан Республикасы филиалы – Буйыртпашы ҳәм “Max Elit Stroy” ЖШЖ – орынлаўшы ортасында 2020 жыл 11-май күни Нөкис районы “Ақманғыт” АПЖ аймағындағы 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылысы ушын шәртнама дүзилген.

 

Шәртнама шәртлериниң орынланыўы ҳәм ажыратылған бюджет пулларының мақсетли сарыпланыўы үйренилгенде, “Max Elit Stroy” ЖШЖ ҳәм Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң “Инфрадүзилмени раўажландырыў бойынша инжиниринг компаниясы” Қарақалпақстан Республикасы филиалы лаўазымлы шахслары тәрепинен есап-фактураларға қәлбеки мағлыўмат ҳәм жазыўлар киргизиў жолы менен ҳүжжетлер қәлбекилестирилип, жәми 94 млн. сум муғдарында бюджеттен ажыратылған пуллар өзлестириў жолы талан-тараж етилгенлиги анықланды.

 

Усы ҳалат бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаятлы ис қозғатылды.

 

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлерии алып барылмақта.