2021-жыл 27-январь күни түнги саат 01:30 ларда Ташкент ўәлаятында жасаўшы ерли-зайыплы Б.А ҳәм Ш.Ж. өз-ара жынайый тил бириктирип, Әмиўдәрья районы "Таржап" МПЖ аймағында жасаўшы Ш.Ж.ның ағайини, ерли-зайыплы Н.А. ҳәм М.Ы. ҳәм де олардың жас өспирим перзенти Д.Ҳ.ны өлтириўге қаст етип, оларға хожалық пышағы менен аўыр дене жарақатын жеткерип, ўақыя орнынан жасырынған.Нәтийжеде, түрли дәрежедеги дене жарақатын алған жәбирлениўшилер емлеўханаға жатқызылған. Усы ҳәдийсе бойынша Әмиўдәрья районы прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 25, 97-статьясы 2-бөлими "а" бәнти менен жынаят иси қозғатылған. Тергеў-оператив топары әмелге асырған кең көлемли илажлар нәтийжесинде жынаят ислеген ерли-зайыплы Б.А. ҳәм Ш.Ж. сол күни саат 16:30 ларда Қарақалпақстан Республикасы аймағынан шығып баратырған ўақтында усланған. Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының 28.01.2021-жылғы уйғарыўына тийкар, ерли-зайыплы Б.А.ҳәм Ш.Ж.ға "қамақ" бас шарасы қолланылған.
ҚР прокуратурасы