22.12.2024, Екшемби

ИНТЕЛЛЕКТУАЛЛЫҚ МҮЛК ОБЪЕКТЛЕРИН ҚОРҒАЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА


 

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Интеллектуаллық мүлк тараўын раўажландырыў мәмлекетимиздиң жәҳән интеграциясындағы тийкарғы фактор екенлигинен келип шығып, интеллектуаллық мүлк объектлерин қорғаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:

  1. 1. 2021-жыл 1-апрельден баслап:

интеллектуаллық мүлк тараўындағы халықаралық шәртнамалар нормаларынан келип шығып, товар белгиси ҳәм хызмет көрсетиў белгисиниң тек исбилерменлик жумысын әмелге асырып атырған юридикалық ямаса физикалық тәрептиң атына дизимнен өткерилиўине нызамшылықтағы  бар шеклеўлер бийкар етилсин;

интеллектуаллық мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимге алыў мүддетлерин кескин қысқартыў имканиятларын жаратыўшы  жедел экспертиза тәртиби енгизилсин. Онда, интеллектуаллық мүлк объектин қорғаўға алыў ушын тапсырылатуғын талапнама бойынша дәслепки излеў тәреплердиң келисимине муўапық әмелге асырылатуғынлығы нәзерде тутылады.

  1. 2. Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) жумысында интеллектуаллық мүлк объектлерине талапнамаларды мәмлекетлик экспертизадан өткериў процесинде аутсорсинг усылларын қолланыў тәжирийбеси жолға қойылсын.
  2. 3. Төмендегилер:

Интеллектуаллық мүлктиң қорғалыўын беккемлеў ҳәм заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша «Жол картасы»  1-қосымшаға муўапық;

Интеллектуаллық мүлк (ойлап табыў, пайдалы модель, санаат үлгиси, селекция жетискенликлери) тараўын раўажландырыў бойынша 2021-2023-жылларға мөлшерленген әмелий жумыслардың бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының биринши басшыларына «Жол картасы» ҳәм бағдарламада белгиленген илажлардың өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынланыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 4. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

2025-жыл 1-январьға шекем  миллий  экспорт етиўшилер тәрепинен  сырт елде товар келип шыққан жердиң атлары (географиялық көрсеткишлер)ин дизимге алыў бойынша жумсалатуғын қәрежетлер  Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан  толық қапланады;

2021-жыл 1-июньға шекем  мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик кәрханалар, илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлери өзлерине тийисли болған  интеллектуаллық мүлк (авторлық ҳуқықы, түрлес ҳуқықлар ҳәм санаат мүлки) объектлерин  толық хатлаўдан өткерип, оларды  бухгалтериялық  есапта көрсетеди;

экпорттың үлеси улыўма товар айланысының 60 процентинен асламын қурайтуғын экспорт етиўши,  сондай-ақ, аўыл хожалығы ҳәм өнерментшилик тараўында жумыс ислеўши исбилерменлик субъектлери ушын товар белгилерин 2021-2022-жылларда  миллий дизимнен өткериў бийпул  әмелге асырылады;

исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў процесинде товар белгисин ҳәм хызмет көрсетиў белгисин де мәмлекетлик дизимнен өткериў үгит-нәсиятланады;

Саўда-санаат палатасы ҳәм Агентлик тәрепинен жылына кеминде бир мәрте республиканың ҳәр бир ҳәкимшилик бирликлеринде исбилерменлик жумысын шөлкемлестирип атырған шахслар ушын өз брендине ийе болыўдың абзаллығы бойынша Өзбекстан ҳәм халықаралық көлемде тән алынған миллий брендлердиң ийелери болған исбилерменлердиң қатнасыўында миллий әнжуманлар ҳәм мастер-класслар өткериледи.

  1. 5. Агентлик ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң 2021-жыл 1-октябрьге шекем мәмлекетлик басқарыў уйымлары, мәмлекетлик кәрханалар, илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлери өзине тийисли болған интеллектуаллық мүлк объектлериниң есабын дурыс жүргизиў, оларға болған ҳуқықларды хожалық қатнасығына киргизиў, илимий жумыстың нәтийжелерин коммерцияластырыўға жәрдем бериўге қаратылған Агентлик жанындағы «Патент платформасын» иске қосыў бойынша усынысына келисим берилсин.

усы платформада ойлап табыўлар, пайдалы модельлер, санаат үлгилери, селекция жетискенликлери, товар белгилери, хызмет көрсетиў белгилери, товар келип шыққан жердиң атлары қорғалыўы ҳүжжетлерине байланыслы мағлыўматлар толық көрсетилетуғынлығы;

платформа электрон түрде реал ўақыт режиминде жүргизилетуғыны және оған исбилерменлик субъектлери өз қәлеўи менен ҳәм бийпул тийкарда  киргизилетуғынлығы белгиленсин.

  1. 6. Ең жақсы интеллектуаллық мүлк объектлерин жаратыўшыларды Агентлик тәрепинен Пүткил жәҳән интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң арнаўлы сыйлықларына усыныў бойынша усыныслар киргизилетуғынлығы;

«Ең жақсы интеллектуаллық мүлк объекти» таңлаўы Агентлик тәрепинен бир жылда бир мәрте шөлкемлестирилетуғынлығы;

«Ең жақсы интеллектуаллық мүлк объекти» таңлаўы жеңимпазларына (үш) Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының 30, 25, 20 есеси  муғдарында ақшалай сыйлықлар тапсырылатуғынлығы белгиленсин.

  1. 7. Әдиллик министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Агентликтиң интеллектуаллық мүлк тараўына байланыслы пәнлерди кадрлар таярлаў системасына, соның ишинде, республика билимлендириў шөлкемлери, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайларында басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.

интеллектуаллық мүлк тараўына байланыслы пәнлерди кадрлар таярлаў системасына енгизиўдиң биринши басқышында 2021/2022-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў шөлкемлеринде,  атап айтқанда, өндирис ҳәм техникалық, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларындағы билимлендириў бағдарларында  алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында және жас әўлад арасында дөретиўшилердиң мийнетине болған ҳүрмет сезимин қәлиплестириўге қаратылған  пәнлери енгизилетуғыны ҳәм олар бойынша өткерилетуғын сабақларда тараўда жумыс алып баратуғын әмелиятшылар қатнасыўы тәмийинленетуғыны белгиленсин.

  1. 8. Инновациялық раўажланыў министрлигине илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлерин интеллектуаллық мүлк мәселесинде экономика тармақлары (жеңил санаат, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм басқалар) менен байланыстырыўды тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленсин.
  2. 9. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Алкаголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги, Саўда–санаат палатасы, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы, «Өнермент» ассоциациясы ҳәм «Наўайыазот» АЖ 100 «жергиликли бренди»лерди халықаралық дизимге алыўды шөлкемлестирсин.
  3. 10. Саўда-санаат палатасы ҳәр бир аймақта жылына кеминде төрт мәрте франшизалар ярмаркасын ҳәм көргизбелерин шөлкемлестирсин.
  4. 11. Инновациялық раўажланыў министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлеринде интеллектуаллық мүлк тараўында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында жыл жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына турақлы түрде есабат бериў тәртиби жолға қойылсын.
  5. 12. Жоқарғы суд, Әдиллик министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети еки ай мүддетте халықаралық экспертлерди тартып, судьяларды интеллектуаллық мүлк тараўында оқытыў бағдарламасын ислеп шығып жылдың ақырына шекем судьяларды оқытыў системасын жолға қойсын.

Онда, халықаралық шөлкемлердиң жәрдеми менен интеллектуаллық мүлк тараўындағы келиспеўшиликлерди көрип шығатуғын судьялар ушын тереңлестирилген оқыў бағдарламасы дүзилиўине айрықша итибар қаратылсын.

  1. 13. Интеллектуаллық мүлк тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын және де жетилистириў ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслардың мәнзиллигин тәмийинлеўди гөзлеп, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде аймақлық әдиллик басқармаларының 11 ҳәм район (қала)лық әдиллик бөлимлериниң 17 штат бирликлерин оптималластырыў есабынан Агентликтиң структурасында:

Интеллектуаллық мүлк ҳуқықларына әмел етилиўин мониторинг етиў бөлими негизинде  Интеллектуаллық мүлкти қорғаў басқармасы   (кейинги орынларда – Басқарма);

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған  Интеллектуаллық мүлкти қорғаў орайлары  (кейинги орынларда – орайлар) шөлкемлестирилсин.

Бунда, әдиллик уйымларының өткерилип атырған  28 штат бирликлеринен 3и –  Басқарманы, 25и – орайларды толықтырыў ушын бағдарланады.

  1. 14. Басқарма орайлардың жумысына шөлкемлестириўшилик ҳәм методикалық жақтан басшылық етеуғынлығы;

орайлар Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармалары имаратларында тегин пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылатуғынлығы;

орайларға жумысқа қабыл етилетуғын хызметкерлер, Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлердиң қәнигелигин арттырыў орайында интеллектуаллық мүлк ҳәм оны ҳуқықый қорғаўдың теориалық ҳәм әмелий мәселелерине байланыслы оқыў бағдарлары бойынша билим алатуғынлығы белгиленсин.

  1. 15. Орайлардың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

контрафакт өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм олардың айланасына, сондай-ақ, интеллектуаллық мүлк ҳуқықларының бузылыўына қарсы системалы ҳәм нәтийжели гүресиўде тиккелей қатнасыў, атап айтқанда, ескертиў ҳәм усыныс хатлар киргизиў, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы протоколларды дүзиў;

орынларда интеллектуаллық мүлк объектлериниң мәмлекетлик дизимнен өткерилиўине байланыслы жумысқа жәрдем бериў;

интеллектуаллық мүлк тараўындағы ҳуқықты қолланыў әмелиятын избе-из ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў;

жәмийетте интеллектуаллық мүлкке  ҳуқықый мәдениятты арттырыў ҳәм ҳүрмет сезимин қәлиплестириў мақсетинде интеллектуаллық мүлк ҳуқықлары бойынша қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў.

  1. 16. Агентлик еки ай мүддетте орайларды жоқары тәжирийбели кадрлар менен, биринши гезекте, әмелий тәжирийбеге ийе және жүкленген ўазыйпаларды зәрүр дәрежеде орынлайтуғын шахслар арасынан ашық таңлаў тийкарында Агентлик тәрепинен белгиленетуғын тәртипте толықтырылыўын және орайлар ҳаққындағы нормалардың ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
  2. 17. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеўге байланыслы бюджет қәрежетлери 2021-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Әдиллик министрлигине ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде белгиленсин, 2022-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде нәзерде тутылсын.
  3. 18. Агентликке өзиниң бюджеттен тысқары қаржылары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан:

орайлардың материаллық-техникалық базасын қәлиплестириў, соның ишинде, компьютер ҳәм нусқа көшириў техникасы, байланыс қураллары, мебель сатып алыў;

мәмлекетлик экспертизаны әмелге асырыўға, халықаралық ҳәм сырт ел илимий-изертлеў, жоқары билимлендириў ҳәм экспертлик шөлкемлерди және жоқары маманлықтағы  тараў қәнигелерин ҳәм экспертлерин шәртнама тийкарында тартыў;

Агентлик жанындағы  «Патент платформасын» ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша қәрежетлерди әмелге асырыў  ҳуқықы берилсин.

  1. 19. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. 20. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. 21. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер және жеке жуўапкер етип әдиллик министри Р.К.Давлетов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Министрлер Кабинетине ҳәр ярым жылдың жуўмағы бойынша мәлимлеме киргизип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 28-январь