2021-жыл 29-январь күни Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң шөлкемлестирилгенлигине 3 жыл толыўы ҳәм Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар, Мәмлекетлик хызметлери орайларының басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен интеграцияласыўы, жаңа хызмет түрлери, қала ҳәм районлардағы пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў (ПҲАЖ) бөлимлериндеги жетискенликлер ҳәм машқалалар бойынша баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Оған Қарақалпақстан
Республикасы аймағында өз искерлигин жүргизип атырған ғалаба хабар қураллары
ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер қатнасты.
Сол күни мийманлар Шымбай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы
ҳәмде ПҲАЖ бөлими тəрепинен көрсетилип атырған хызметлери менен жақыннан
танысты.
Баспасөз конференциясында басқарма тәрепинен өткен 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, өз искерлигин алып барып атырған 17 қала ҳәм
районлар Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәмде олардың 6 филиаллары
тәрепинен 140 тан аслам
хызмет түриндеги мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бойынша 2020-жыл даўамында жәми 820 мыңнан
аслам мүрәжат келип түскен.
Халықтың аўырын жеңил, узағын жақын етиў, адамларды ойландырып жүрген машқалаларға орнында шешим табыў бүгин елимиз бойлап Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған сиясаттың баслы бағдары болып табылады. Мәмлекетлик хызметлер агентлиги бул бағдарда кең көлемли илажларды әмелге асырып келмекте.
Район ҳәм қала орайларынан алыс болған пуқаралар
жыйынларында жасаўшы турғынларға кең имканиятлар жаратыў мақсетинде Қоңырат
районы орайынан 350 километр
узақта жайласқан, жәми 3265 халыққа хызмет көрсететуғын «Қарақалпақстан» ҳәм
180 километр узақта жайласқан, жәми 3970 халыққа хызмет көрсететуғын «Жаслық»
посёлка пуқаралар жыйынларында, Мойнақ районы орайынан 96 километр узақта
жайласқан, жәми 4471 халыққа хызмет көрсететуғын «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар
жыйынында, Елликқала районы орайынан 35 километр узақта жайласқан, жәми 33897 халыққа хызмет көрсететуғын
«Сарабий» аўыл пуқаралар жыйынында, Беруний районы орайынан 40 километр узақта
жайласқан, жәми 38 мыңға жақын халыққа хызмет көрсететуғын «Абай» аўыл
пуқаралар жыйынында ҳәм Төрткүл районы орайынан 65 километр узақта жайласқан,
жәми 14 мыңға жақын халыққа хызмет көрсететуғын «Жамбасқала» аўыл пуқаралар
жыйынында мине усындай филиаллар шөлкемлестирилди. Нәтийжеде бүгинги күнде
филиаллар тәрепинен көрсетилген хызметлер саны жәми 10 мыңнан асты.
Медиа-тур қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар
алды ҳəм усынысларын билдирди.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары
менен байланыслар бөлими