22.12.2024, Екшемби

МИЛЛИЙ МӘДЕНИЯТ ҲӘМ КӨРКЕМ ӨНЕРДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ЖОЛЫНДА

Қарақалпақ халқы өзиниң үрп-әдетлери, тили, бай мәденияты ҳәм өзине тән көркем өнери менен басқа халықлардан ажыралып турады. Өткен дәўирлер ишинде халқымыздың арасынан белгили артистлер, көркем-өнер ғайраткерлери ҳәм мәденият тараўы пидайылары жетилисип шықты.

Халқымыздың  бийтәкирар көркем өнери ҳәм мәдениятын буннан былай да жетилистириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында театр, кино, телевидение ҳәм халық дөретиўшилиги бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы актёрлар ҳәм көркем өнертаныўшылық тараўында қәнигелерди таярлаў мақсетинде 2008-жыл 28-апрельде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер институтының Нөкис филиалын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-845-санлы қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер институтының Нөкис филиалы шөлкемлестирилди. Соңынан 2012-жыл 4-июньдеги «Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-1771-санлы қарарына тийкар Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы болып қайта шөлкемлестирилди.

Филиал дәслепки ашылған жылы 25 студент қабылланған болса, ҳәзирги ўақытта 9 тәлим бағдары бойынша 700 ден аслам студент билим алып атыр. Бүгинги күнде филиалда 1 факультет ҳәм 5 кафедрада 54 профессор-оқытыўшы студентлердиң жетик қәниге болып жетилисиўинде өзиниң бар күш-жигерин жумсап, тәлим-тәрбия берип келмекте. Профессор-оқытыўшылар арасында 4 профессор, 9 илим кандидаты, 3 доцент,  Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артистлер, Қарақалпақстан халық бақсылары бар екенлиги теория ҳәм әмелиятты байланыстырыўда, сондай-ақ, студент жаслардың өз тәлим бағдарлары бойынша маман қәнигелер болып жетилисиўинде үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мамлекетлик сыйлықтың лауреаты Н.Аңсатбаев, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Қ.Заретдинов, Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист М.Исмаилова, сондай-ақ, Қарақалпақстан халық артисти Ж.Султабаев ҳәм С.Балтаниязовлар, Қарақалпақстан халық бақсысы  Г.Ақымбетова ҳәм басқа да профессор-оқытыўшылардың студент-жасларға билим берип атырғанлығын мақтаныш етемиз. Олардың арасынан бәлент лапызлы бақсылар, эстрада қосықшылары, көркем өнер ҳәм мәденият тараўын раўажландырыўда үлес қосатуғын талант ийелери шығатуғынлығына исенемиз.

Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-июльдеги «2020-2021-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарары менен филиалда бакалавр тәлим бағдарлары бойынша қабыллаў квоталары көбейтилип, филиалдың күндизги бөлимине жаңадан “Профессионал тәлим: Халық дөретиўшилиги (Вокал аткарыўшылығы) ” тәлим бағдары ашылды. Сондай-ақ,  филиалда жаңадан ашылған сыртқы бөлимде “Көркем өнертаныўшылық (сахна ҳәм экран көркем-өнери драматургиясы)”, “Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкелестириў ҳәм де басқарыў”, “Китапхана – мәлимлеме хызмети (китапханашылық ҳәм библиография)” тәлим бағдарлары ушын квоталар ажыратылған болып, бүгинги күнде сыртқы бөлимде 100 студент билим алмақта.

Студент-жаслардың теориялық билимин жетилистириўде оқыў әдебиятлар, сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар әҳмийетли саналады. Филиал  мәлимлеме-ресурс орайының фонды 14262 китап бар болып, 2240 сабақлық, 3685 оқыў қолланба, 5100 көркем әдебият, 2483 нусқада басқа түрдеги әдебиятларға ийе. 2020-2021-оқыў жылында филиалда бар болған тәлим жөнелислери бойынша профессор-оқытыўшылар тәрепинен 1 сабақлық ҳәм 7 оқыў қолланба баспадан шығарылды.

Филиалда илимий-изертелеў жумысларына да айрықша итибар қаратылған. 2020-2021 оқыў жылында профессор-оқытыўшылар тәрепинен жәми 86 илимий мақала жәрияланды. Соннан сырт ел илимий журналларында 47, республика илимий журналларында 16, сондай-ақ, халықаралық илимий конференцияларда 23 илимий мақалалар шығарылды.

Филиалда билим алып атырған студент-жасларының көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыўда 2018-жылы «Тумар» аяқ-ойын ансамбли шөлкемлестирилди. Қысқа дәўир ишинде «Тумар» аяқ-ойын ансамбли республикамызға кеңнен танылды ҳәм бүгинги күнде Ғәрезсизлик ҳәм Наўрыз байрамларында өз концерт бағдарламалары менен қатнасып келмекте.

Өткен дәўир аралығында филиалдан көркем-өнер ҳәм мәденият, телевидение, радио, сондай-ақ, театр тараўлары бойынша жоқары маманлықтағы жетик қәнигелер жетилисип шықты. Оқыў дәргайын питкерип, бүгинги күнде халқымызға хызмет етип, ел таныйтуғын қосыкшы ҳәм актёрлардың жетискенлиги филиал жәмәәтин шексиз қуўанышқа бөлейди.

Усы жыл 20-январь күни «Мәдений жумыс ҳәм мәденият шөлкемлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилди. Бул нызамның қабыл етилиўи мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жумысларды еле де жетилистириўде оғада әҳмийетли ҳүжжет  болды десек алжаспаған боламыз.

Сондай-ақ, Президентмиз Ш.Мирзиёевтиң 2020-жыл 25-декабрь күни мәмлекетимиз жаслары менен видеоселектор тәризинде өткерилген Өзбекстан жаслары форумында атап өткениндей ҳәр бир район ҳәм қаладан 5 ке шекем жасларды мәденият ҳәм көркем өнер жоқары оқыў орынларында жергиликли бюджет есабынан оқытылыўы жасларға қаратылған айрықша итибар деп билемиз.  Бул бағдарда республикамыз қала ҳәм районларынан мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жумыс алып барып атырған 85 жас филиалға қабыл етилиўи белгиленген.

Мийнет жәмәәтимиз бенен биргеликте қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнериниң раўажланыўына үлес қосатуғын келешек ийелерин тәрбиялап атырғанымыз бизге үлкен жуўапкершилик жүклейди. Солай екен, бул ўазыйпаны атқарыўда бүгинги күн талапларына мүнәсип мийнет ете беремиз.

 

   Аманжол АЯПОВ,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият

 институты Нөкис филиалы директоры,

Филология илимлериниң кандидаты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги