22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қайырқомлық жәрдеми жетип келди

Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстанның сырт елдеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери елимизге хызмет сапары менен келип, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов пенен ушырасыўларында медицина тараўында бирге ислесиўлер ҳәм медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў мәселелери додаланған еди.

 

Мине, бүгин усы ушырасыўлардың әмелий нәтийжеси сыпатында Өзбекстанның Россия Федерациясындағы елшиханасы жәрдеминде Россия Федерациясының Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине Сыртқы ислер министрлиги арқалы қайырқомлық жәрдеми жетип келди.

 

Гуманитар жәрдем сыпатында жәми 75 қуты медициналық әсбап-үскенелер, тийкарынан бактерицид лампалары келген болып, олар мүтәжликлерди үйренип шыққан ҳалда министрлик қурамындағы емлеў-профилактикалық мәкемелерине тарқатып бериледи.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети