30.10.2024, Сәршемби

Усы ҳәптеде Жердиң жақынынан үш астероид ушып өтеди

Усы ҳәптениң ақырына шекем Жерге жақын аралықтан өлшеми 100 метрге шекем болған үш астероид ушып өтеди. Бул ҳаққында «NASA»ның Жерге жақын объектлерди үйрениў орайына тийкарланып «Қалампир» жазбақта.

Хабарда жазылыўынша, ертең, 28-январь күни 2021 BZ астероиды Жерден шама менен 2,2 миллион километр аралықтан ушып өтеди. Объекттиң өлшеми 29 дан 65 метрге шекем болыўы анықланған.

Болжаўларға қарағанда, ол Ташкент ўақты менен саат 09:12 де Жерге ең жақын аралықта болады.29-январь күни оннан үлкенирек 2021 AG7 астероиды Жерге жақын аралықтан ушып өтеди. Объекттиң үлкенлиги 47 метрден 110 метрге шекем болады.

Астероид Ташкент ўақты менен 13:50 де Жерге ең жақын аралықта болады, деп болжанбақта.

 

Усы күни Ташкент ўақты менен 00:37 де кишилеў көлемдеги 2021 AF7 астероиды Жерден алыс аралықтан ушып өтеди. Оның өлшеми 24 метрден 53 метрге шекем болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.