II Халықаралық бақсышылық фестивалы быйылғы жыл апрель айының
үшинши он күнлигинде Қарақалпақстанда өткерилиўи жобаластырылмақта. Бул
ҳаққында ҚР Мәденият министри Қалбай Турдиевке тийкарланып ӨзА хабаршысы
Есимқан Қанаатов хабар берди.
II Халықаралық бақсышылық фестивалының ашылыў салтанаты Нөкис қаласында басланып, жуўмақлаўшы бөлими Мойнақта болып өтеди.
ҚР Мәденият министри Қалбай
Турдиевтиң атап өтиўинше, бақсышылық фестивалы өтип атырған ўақытта Әмиўдәрья
районы аймағында жайласқан Шылпық қорғаны әтирапында Балалар фольклор ҳәм
Тахтакөпир районында «Қаратерең ырғақлары» атамасындағы жаслар фестивалы да
өткериледи.
Ҳәзирги жоба бойынша Нөкис
қаласындағы орайлық атшабар майданында барлық ўәлаятлардың павильонлары
шөлкемлестириледи. Аймақлардың миллий үрп-әдетлери, бақсышылық өнери усы жерде
бой тиклеген сахналарда көрсетиледи.
Мойнақта жуўмақлаўшы бөлимге
арналған галаконцерт өткерилиўи ҳәм район орайында қараүйлер қурылып, жанып
турған от әтирапында бақсы-жыраўлар қатнасыўында концертлер шөлкемлестирилиўи
жобаластырылған. Сырт еллерден келген туристлер Мойнақта бир күн қалып,
районның туристлик орынларына сапар етиўи мүмкин.
Еслетип өтемиз, I Халықаралық
бақсышылық фестивалы 2019-жылы 4-10-апрель күнлери ЮНЕСКО менен биргеликте
Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында өткерилген еди. Оған 20 мәмлекеттен 57
қатнасыўшы, халықаралық шөлкемлер, сондай-ақ, Аўғанстан, Түркия, Тәжикстан ҳәм
Кувейт және басқа мәмлекетлерден ҳүрметли мийманлар қатнасқан еди.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.