2021-жыл 21-январь күни саат 11:30 лар шамасында Нөкис
қаласы Ишки ислер уйымлары хызметин муўапықластырыў басқармасына келип түскен
хабарға көре, Нөкис қаласы 22-киши район, 8 /6-жай 27-ханасында жасаўшы пуқара
Р.У.(1981 ж.т. ҳаял)дың өли денеси, адам өлтириў жынаяты белгилери менен жасаў
үйинен табылған.
Усы ҳәдийсе бойынша 2021-жыл 21-январь күни Нөкис қаласы
прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 97-статьясы
1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.
Тергеў-оператив топары әмелге асырған кең көлемли илажлар
нәтийжесинде жынаят ашылып, жынаят Нөкис қаласында жасаўшы пуқара З.М.(1979
ж.т. ҳаял) тәрепинен исленгенлиги анықланды.
Сондай-ақ, тергеў барысында анықланыўынша, пуқара З.М.
мархум Р.У.дан қарызға пайыз есесине мәлим муғдарда пул алғанлығы, бирақ усы
пулды өз ўақтында үстемеси менен қайтарып бере алмағанлығы, 2021-жыл 20-январь
күни мархум Р.У.ның үйине келгенлиги, ҳәм ортада усы мәселеде өз-ара жәнжел
келип шығып, З.М. дастурхан үстинде турған хожалық пышағы менен Р.У.ның
денесиниң дус келген жерлерине урып, қасттан өлтирген.
22.01.2021-жылда пуқара З.М. Өзбекстан Республикасы Жынаят
кодексиниң 97-статьясы 1-бөлими менен гүманланыўшы сыпатында жынаят исине
қатнастырылып, Жынаят-процессуал кодексиниң 221-статьясы тәртибинде усланды.
Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының 23.01.2021-жылғы
уйғарыўына тийкар оған «қамақ» бас шарасы қолланылды.
Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
ҚР Прокуратурасы