Усы жылдың
25-27-январь күнлери Нөкис қаласындағы “Жаслар орайы”нда өзиниң исбилерменлигин
баслаў нийетин билдирген барлық қарақалпақстанлы жаслар ушын Қарақалпақстан
Республикасы прокуратурасы басламасы менен Жаслар ислери агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, сондай-ақ, бирге ислесиўши шөлкемлер
менен биргеликте 3 күнлик оқыў-семинары шөлкемлестирилмекте.
Бундағы тийкарғы
мақсет — быйылғы «Жасларды
қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» жылында Өзбекстан
Республикасы Президентиниң «Өзбекстан жаслары» Форумында берген тапсырмаларын
орынлаў бойынша «Жаслар: 1+1» бағдарламасы шеңберинде жаслардың бизнес
басламалары, стартаплары, идеяларын жүзеге шығарыўға көмеклесиў ҳәм
қоллап-қуўатлаў, бәнт болмаған жасларды мийнет базарында талап жоқары болған
қәнигеликлер ҳәм бизнес жүритиў көнликпелерине оқытыўдан ибарат.
Бүгин усы
оқыў-семинарының ашылыў мәресими өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы
прокуроры Ф.Алламбергенов ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияровлар қатнасып, жасларға
семинар даўамында имканиятлардан пайдаланып, бизнес идеялар алып шығыўында
табыслар тиледи.
Семинар-тренинг
жуўмағында жаслар дүзген өз бизнес режелерин презентация етеди ҳәм оларға
сертификатлар берилип, өз бизнесин баслаўда кредит алыў мәселелери кепилленеди.
Қарақалпақстан
Республикасы Прокуратурасы