Салық кодексине киргизилген ɵзгерис ҳәм қосымшалар, «2021-жыл ушын Ɵзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Ɵзбекстан Республикасы Нызамының мазмуны ҳәм әҳмийетин исбилерменлер менен кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен семинар шɵлкемлестирилди.
Илажда салық тараўы
қәнигелери, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Семинарда қәнигелер тәрепинен Салық кодексине киргизилген тийкарғы ɵзгерислер менен қосымшалар ҳәм 2021-жылда салық нызамшылығындағы жаңалықлар ҳаққында қатнасыўшыларға кеңнен мағлыўматлар берилди.
Мəселен, қосымша қун салығын тɵлеўши (ҚҚС) кәрханалар шеңберин кеңейтиў ҳәм ҚҚС шынжырының үзилиўиниң алдын алыў мақсетинде түсим ɵлшемине қарамастан алкоголь ɵнимлери, сондай-ақ, пивоны усақлап сатыў бойынша турғын саўда шақапшалары, базар ҳәм саўда комплекслери ҚҚС тɵлеўши кәрханалар есапланатуғыны белгиленди.
-Бүгинги илажда ɵзимди қызықтырған сораўларға қәнигелерден
жетерлише жуўап табыў менен бирге усынысларымды да белдирдим, - дейди
исбилермен Бекмурат Сейтмуратов. -Әлбетте бундай семинарлар, ушырасыўлардың ɵткерилиўи
биз исбилерменлер ушын пайдалы болмақта.
Семинар даўамында қатнасыўшылардан келип түскен барлық сораўларға
қәнигелер тәрепинен зәрүр түсиниклер берилди.
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы
Мәлимлеме хызмети