22.12.2024, Екшемби

«ТУМАР» АЯҚ-ОЙЫН АНСАМБЛИ 2021-ЖЫЛҒЫ КОНЦЕРТ БАҒДАРЛАМАСЫН БАСЛАДЫ

Усы жыл 22-январь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» жылына арналған «Жаңа Өзбекстанның ғәрезсиз жаслары» атамасында концерт бағдарламасы болып өтти. Оған филиал студент-жаслары,  профессор-оқытыўшылар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.


Илажда филиал директоры А.Аяпов шығып сөйлеп елимизде көркем өнер ҳәм мәденият тараўын раўажландырыўда жасларды көркем өнердиң барлық түрине кеңнен тартыў бағдарында жүргизилип атырған жумыслар, сондай-ақ, студент-жаслардың қәбилетин жүзеге шығарыўда аянбай мийнет етип атырған филиал профессор-оқытыўшыларының мийнетлерин айрықша атап өтти. Буннан соң, филиалдың «Тумар» аяқ-ойын ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға инам етилди. Жанлы ҳаўазда атқарылған йошлы қосықлар  қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.


“Тумар” аяқ-ойын ансамбли 2018-жылы студент-жаслардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде “Тумар“ аяқ-ойын ансамбли елимиздиң Ғәрезсизлик,  Наўрыз байрамлары ҳәм басқа да концерт бағдарламаларында қатнасып халқмыздың жүрек төринен орын алып келмекте, – дейди ансамблдиң көркемлик жақтан басшысы, “Халық дөретиўшилиги” кафедрасының хореграфия пәни оқытыўшысы Есназар Халмуратов. – Айтып өтиў орынлы бүгинги концерт бағдарламасында филиал администрациясының қоллап-қуўатлаўы,  профессор-оқытыўшылардың мийнетлери студент-жаслардың шебер атқарыўында өзиниң сәўлесин тапты десек алжаспаған боламыз. Олар арасынан бәлент лапызлы бақсылар, эстрада қосықшылары, көркем өнер ҳәм мәдениятмыздың раўажланыўында үлес қосатуғын талант ийелери шығатуғынлығы анық.

Илаж соңында жаслардың уқыплылығын жүзеге шығарыўда үлес қосқан профессор-оқытыўшылар филиал директоры тәрепинен хошаметленди.