22.12.2024, Екшемби

Жетерли дәрежеде ишимлик суўы менен тамийинлеу мақсетинде арнаўлы техникалар жәрдеминде каналдың ишин қазыў жумыслары алып барылмақта

Нөкис қаласынан 250 км қашықлықта жайласқан «Түйемойын»   суў қурылмасы Қарақалпақстан Республикасындағы ең үлкен суў объекти есапланады. Түйемойын суў тазалаў қурылмасының тийкарғы суў дереги Әмиўдәрьяның Оңқырғақ каналы болып арнаўлы үскенелер жәрдеминде қурылмаға келип түседи ҳәм қайта исленип, жарамлы ҳалға келеди.

 

Бүгинги күнде ҳаўа райының кескин суўып кетиўине байланыслы канал суўларына муз қатып атыр. Бул өз гезегинде қурылмаға жетерли дәрежеде суўдың каналға келип түсиўине кесент етпекте. Республика турғынларын жетерли дәрежеде ишимлик суўы менен тамийинлеу мақсетинде арнаўлы техникалар жәрдеминде каналдың ишин қазып, суў келиўге жол ашып атыр.

 

«Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ Мәлимлеме хызмети