Қарақалпақстан Респбликасы Халық билимлендириӯ министрлиги
социаллық тарсақларда жарияланған мақала бойынша төмендегилерди мəлим етеди:
Бәршемизге мәлим,
Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасына жоллаған
Мүрәжатында өткен 3 жыл даўамында Өзбекстанда сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба
хабар қуралларын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, журналист ҳәм блогерлердиң еркин
жумыс алып барыўы ҳәм дөретиўшилик пенен шуғылланыўы ушын ҳуқықый тийкарлар
және кең имканиятлар жаратылғанын атап өтти. Әлбетте, Өзбекстан Республикасы
Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен айтылған усы сөзлер ҳәр бир журналисттиң
еле де халықтың арасына терең кирип, олардың турмысын үйренип, машқалаларын
унамлы тәрепке шешиўге, жәмийетлик пикирди қәлиплестирип, мәмлекетимиздиң
раўажланыўына өз үлеслерин қосыўға күш-ғайрат бағышлайды.
Сыр емес, мәмлекетимиз
тәрепинен алып барылып атырған социаллық-сиясий реформаларды ҳәм жәмийетимизде
жүз берип атырған ҳәр түрли процесслерди, әмелге асырылып атырған жумыслар
менен бир қатарда анықланған машқалаларды кең жәмийетшиликке жеткериў, хабардар
етиў арқалы бар болған кемшиликлерди сапластырыӯға жәрдемлесиӯ мақсетинде
бүгинги күнде мәмлекетлик дизимнен өткен я өтпеген ҳалда фейсбук ҳәм телеграм
сыяқлы ҳәр түрли социаллық тармақларда ислеӯши журналист ҳәм блогерлеримиз де
жоқ емес.
Усы орында @xaliq_ushin
телеграм каналында (авторы көрсетилмеген) 2020-жыл 26-июнь күни жүдә ажайып
түрде билдирилген пикирлерге тоқталғым келди:
«Айырым ғалаба хабар қураллары халықтың арасында жәмийетлик
резонансты келтирип шығарыў, интрига оятыў мақсетинде хабарларды, ўақыяларды
бурмалап көрсетиўге ҳәрекет етеди. Буған мысал ретинде Өзбекстан Миллий хабар
агентлигиниң рәсмий сайтында жәрияланған мақаланы (https://bit.ly/2BFkhYk)
мысал етип келтирсек болады.
Мақаланы оқып көрген болсаңыз, усыныс етилип атырған нызам
жойбары мазмунын журналистлер халыққа надурыс жеткерип атыр. «Буның тийкарынан
еки себеби болыўы мүмкин: бириншиси, ҳуқықый ҳүжжет жойбарының мазмунын
түсинбегенлиги, екиншиси, халықтың итибарын
өзлериниң сайтларына (телеграм каналларына) тартыўды мақсет еткенлиги». Сонлықтан телеграм канал
(сайт) ашып хабар (мағлыўмат) тарқатып атырғанларға ҳәр қандай мағлыўматты
тарқатыўдан алдын оның мазмунын толық түсинип алыўды, деректиң исенимли
екенлигин анықлаўды ҳәмде халыққа пайдалылығы позициясынан баҳалаўды усыныс
етемен» делинген.
Телеграм каналларында
жәрияланған мақалаға келсек, шынында да, усы жылдың 5-январь күни
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигиниң мәжилислер
залында министрликтиң хызметкерлери менен жыйналыс болып өтти. Жыйналысқа
“Қарақалпақстан муғаллими” газетасының редакторын киргизбепти… Жыйналыстан
кейин сөйлесемиз деп жыйналысты тамамлап өзи “асығыспан” деп зып берипти… деген
қатарлар тийкарсыз екенлигин билдиремиз. Себеби, “Қарақалпақстан муғаллими”
газетаси Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигине қараслы
басылым. Бул дегени “Қарақалпақстан муғаллими” газетасының редакторы бир
ӯақыттың өзинде министрликтиң хызметкери есапланады. Мәжилис күн тәртибине
қарап, қайсы хызметкердиң мәжилисте қатнасыӯын, контингент қандай болыӯын басшы
белгилейди. Солай екен, “Қарақалпақстан муғаллими” газетасының
редакторын киргизбепти… деген гәплер логикаға туӯра келмейди…
@QARAQALPAQSTAN_TV
телеграм каналында “Жаңа Өзбекстан қаяқтан басланады” атлы
мүрәжат пенен Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Рустем
Реимовқа сораў жоллаған едик…” делинген. Усы орында
@QARAQALPAQSTAN_TV телеграм каналының хызметкерлерине бир еки сораӯ менен
мүрәжат еткен болар едик:
Социаллық тармақларда
қәлеген адам (я ол физикалық, я юридикалық шахс болсын) канал ашып, қәлегенинше
ат қойып, өзи қәлегенинше жумыс алып барыӯы мүмкин. Бирақ, усы каналдың өз жумысын
баслағанлығы туӯралы қайсы бир кәрхана, шөлкем ямаса министрлик қай жерден
болса да хабардар болыӯы керек емес пе? Яки, Сиз тәрепинен усындай канал өз
жумысын баслағанлығы туӯралы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ
министриниң жеке телеграм каналына ямаса Мәлимлеме хызметине жиберип хабардар
еттиңиз бе? Министрлик ҳәзирги күнде социаллық тармақларда бир қанша (Кun.uz,
Kknews.uz, Makan.uz, @El xizmetinde, Kar24, Kruz.uz, Ayama.uz ҳәм
тағыда басқа) канал ҳәм сайтлары менен шерикликте жумыс алып бармақта.
Билимлендириӯге байланыслы сын мақала яки хабар жәрияланса, дәрҳал аӯызеки
ямаса жазба түрде хабарлайды ямаса жеке телеграм каналымызға таслап қояды.
Бирақ, @QARAQALPAQSTAN_TV телеграм каналы тәрепинен жәрияланған сын мақала ушын
я аӯызеки я жазба түрде хабардар етилмеди…
Не болғанда да,
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги мәмлекетлик
дизимнен өткен ҒҲҚ хызметкерлери менен биргеликте жумыс алып барыӯын мәлим
етемиз.
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлигиниң
Мәлимлеме хызмети