22.12.2024, Екшемби

2020-жылда Ɵзбекстанда 791,9 млрд сўм муғдарындағы кўмир ислеп шығарылған

Бул ҳаққында «Ўзбеккўмир» АЖ директорының орынбасары Эркин Ёқубов мəлим етти.

 Оның айтыўынша кўмир қазып алыў 3,9 млн тоннаға, кўмирди жеткерип бериў 4,2 млн тоннаға жеткен, атап айтқанда:

 Ыссылық электр станцияларына – 2,8 млн тонна;

Халыққа – 940 мың тонна;

Социаллық тараў объектлерине –412,8 мың тонна;

Экономиканың реал секторына  –87,4 мың тонна;

2020-жыл даўамында кəрханада санаат өнимин ислеп шығарыў көлеми 791,9 млрд сўмды (өткен жылдың усы дəўирине салыстырғанда өсиў пəти 119,3 пайызды);

 Ɵнимди сатыў көлеми 811,6 млрд сўм (өткен жылдың усы дəўирине салыстырғанда өсиў пəти 123,4 пайызды);

 Ɵнимниң өзине түсер баҳасын арзанластырыў 70,5 млрд сўм (ямаса 10,0 пайыз)ды қураған.