2021-жылдың 19-январь күни Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў
министриниң орынбасары Ш.Шораҳмедов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты
сақлаў министри М.И.Қурбанов Бозатаў районы “Бозатаў” посёлкалық пуқаралар
жыйыны аймағы халқының социаллық жағдайы менен танысты.
“Бозатаў” посёлкалық
пуқаралар жыйыны Бозатаў районы орайында жайласқан болып, улыўма халық саны 8
807, соннан 18 жасқа шекемги балалар 2 617, 18 жастан жоқарылар 6 190, туўыў
жасындағы ҳаяллар 774, майыплылығы болғанлар 213 ти қурайды.
Халыктың социаллық турмыс
шараятын үйрениўден тысқары халықты Нөкис қаласы ҳәм районлық медицина
бирлеспесинен жәми 10 тар тараў қәнигелери (окулист, кардиолог, хирург,
акушер-гинеколог, педиатр, невролог, терапевт, рентгенолог, УДТ шыпакери,
дерматовенеролог) ҳәм инструментал тексериўлер (ЭКГ, УДТ, көшпели рентген) 350
пуқараны тереңлестирилген медициналық көриктен өткерди. Тереңлестирилген
медициналық көрик нәтийжесинде 49 пуқарада кеселлик анықланып, 15 пуқараға
Республикалық емлеў профилактика мәкемелерине ҳәм районлық медицина
бирлеспесине стационар шараятта емлениўи ушын жолламалар ҳәм 91 пуқараға
амбулатор шараятта емлениўи ушын мәсләҳәтлер берилди.
Соның менен бирге, Өзбекстан
Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Ш.Шораҳмедов ҳәм
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И.Қурбанов “Бозатаў”
посёлкалық пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў өткерди ҳәм аҳўалы аўыр
наўқаслардың үйине барып жағдайларынан хабар алды. Оларға Ташкент ҳәм Нөкис
қалаларында емлениўине жәрдем берилиўин айтты.
ҚР Денсаўлықты сақлаў
министрлиги