22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстанның келешектеги раўажланыўын белгилеп берген басламалар

Мүнәсибет

Мәмлекетимиз басшысы өткен жыл 29-декабрьдеги парламентке жоллаған Мүрәжатында 2020-жылы әмелге асырылған жумысларға тоқтап, усы жылы алдымызда турған тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди.

Өткен жыл пүткил инсаният ушын аўыр болды. Сондай болса да, мәмлекетимизде алып барылған халықшыл сиясат, социаллық қорғаўға берилген айрықша итибар нәтийжесинде абадан турмыс, турақлы экономикалық раўажланыў даўам етип атыр.

Әлбетте, бундай унамлы нәтийжелер негизинде өткен төрт жыл даўамында Президентимиз тәрепинен қабыл етилген анық мақсет ҳәм ўазыйпаларды өзинде жәмлеген Пәрман ҳәм қарарлар үлкен әҳмийетке ийе. Бул ҳүжжетлер халқымыздың абат турмысын тәмийинлеў және оларға қолайлы шараят жаратыў, экономикамызды беккемлеў, халықтың дәраматларын арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы, билимлендириў, медицина, спорт, мәденият, улыўма, барлық тараўларды буннан былай да жетилистириўге әҳмийетли тийкар болды.

Усы мәнисте, жаңа Өзбекстан келбетинде жаңа Қарақалпақстан қәлиплеспекте десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Оған айқын мысал сыпатында Президентимиздиң айрықша итибары ҳәм басламасы менен Аралбойындағы жасаў шараяты қыйын болған Мойнақ районында тек ғана еки жылда әмелге асырылған жумысларды келтирип өтсек жетерли. Атап айтқанда, районда 20 көп қабатлы турақ жайлар қурылды, 100 километр аралықтан ишимлик суўы алып келинди. Көплеген кәрханалар, социаллық объектлер иске қосылды ҳәм жаңаларын қурыў даўам етпекте. «Мойнақ аэропорты» жаңа жойбар тийкарында қайтадан қурылды.

Президентимиздиң 2019-жылы Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында усы елдиң және бир әрманы орынланып, Бозатаў районы шөлкемлестирилди. Шөлкемлестирилип ғана қоймастан, ал бир жыл ишинде пүткиллей өзгеше түрдеги көриниске ийе болды. Заманагөй имаратлар, спорт имаратлары, тегис жоллар – Бозатаў халқы ушын ҳақыйқый саўға болды. Сондай-ақ, ең алыс ҳәм ең шетки Тахтакөпир районында да кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылып, аймақ жаңа көриниске ийе болды.

Орайлық Азиядағы глобал көлемдеги машқала – Арал теңизи қурыўының ақыбетлери екенлиги  ҳеш биримизге сыр емес. Тек ғана Өзбекстанның емес, ал пүткил регионның тәшиўишин өзи ушын жат санамайтуғын Президентимиз дүнья жәмийетшилиги итибарын қайта-қайта бул мәселеге қаратып киятырғанлығы болса глобал апатшылықтың оғада әҳмийетлилигин көрсетип турыпты.

Атап айтқанда, 2017-жыл 19-сентябрьде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясындағы шығып сөйлеўинде алға қойылған баслама тийкарында Аралбойы регионы ушын БМШ басшылығында Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик Траст фонды шөлкемлестирилген еди. Ҳәзирге шекем бул қорға 26 миллион доллар тартылған болса, жақын еки жылда және 250 миллион доллар тартылады. Бул қаржылар ишимлик суўы, халықтың саламатлығы ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик, экология, ирригация-мелиорация системаларын жақсылаў жойбарларына бағдарланады.

Арал теңизиниң суўы қурыған түбинде «Жасыл қапламалар» қорғаў тоғайларын қурыў мақсетинде 1 миллион 167 мың гектар майданда сексеўил ҳәм шөлге шыдамлы басқа да өсимликлер егилди. Бул жумыслар ҳәзирги күнде де қызғын даўам етпекте ҳәм усы жылы 450 мың гектар майданда егиледи.

Мәмлекетимиз басшысы 2020-жыл 23-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының видео-конференция түринде өткерилген сессиясына шығып сөйлеген сөзинде болса Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў бойынша баслама менен шықты. Арал машқаласы бойынша жумыслардың логикалық даўамы сыпатында, Олий Мажлис Сенатында Аралбойы регионын раўажландырыў бойынша турақлы жумыс ислеўши комитет шөлкемлестирилди.

Әлбетте, бул ҳәрекетлердиң барлығы Аралбойы регионын раўажландырыў ҳәм оның халқының турмысын жақсылаў, соның ишинде, пуқараларымыздың денсаўлығын сақлаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў имканиятларын жаратпақта.

Өз гезегинде, бундай кең көлемли әмелий илажлар халқымыздың ертеңги күнге болған исенимин және де беккемлеп, оларды бийтәкирар дөретиўшилик жумысларына руўхландырмақта.

2021-жыл мәмлекетимизде Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы, деп жәрияланыўын ҳәмме үлкен қанаатланыўшылық пенен қарсы алды.

Ҳақыйқатында да, алдымызда турған үлкен шек ҳәм ўазыйпаларға ерисиўде биз бүгин жасларға сүйенемиз ҳәм жасларға исенемиз. Билимли, күшли, талантлы жаслар ҳәр қандай жеңислерге ерисиўге уқыплы болады. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, жаңа Өзбекстанды әне усындай билимли жасларымыз бенен биргеликте қурамыз. Демек, бүгинги жсларымыз ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў алдымыздағы тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасының географиялық өзгешелигине бола, елатлы пунктлер алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан. Бул алыс ҳәм шетки аймақлардағы билимлендириў мәкемелерин педагог кадрлар менен тәмийинлеў мәселеси ҳәзирги күнге шекем машқала болып киятырған еди. Сонлықтан шетки аймақларда мектеплерди тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў, билимлендириўдиң сапасын жақсылаў бойынша өз алдына бағдарлама әмелге асырылады.

Мүрәжатта басқа райондағы алыс мектепке барып, сабақ беретуғын оқытыўшылардың айлығына 50 процент, басқа ўәлаятқа барып жумыс ислегенлер ушын, 100 процент үстеме ҳақы төлениўи белгилеп берилгенлиги, сөзсиз, алыс ҳәм шетки аймақлардағы мектеплерди педагог кадрлар менен тәмийинлеўге ҳәм билимлендириў сапасының артыўына тийкар жаратады.

Буннан тысқары, усы жылы Қарақалпақстанда 29  мектепти қурыў-оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын жақсылаў мақсетинде бюджеттен 100 миллиард сум ажыратылады, химия-биология, математика, информация технологияларына қәнигелескен 15 мектеп өз жумысын баслайды.

Нөкис қаласында 16 қабатлы «IT-PARK» пайдаланыўға тапсырылады. Бул жерде, жаслардың стартап жойбарлары әмелге асырылады, информация-коммуникация технологияларының музейи, көргизбе ҳәм оқыў ханалары шөлкемлестириледи және 1 мыңнан аслам жаслардың бәнтлиги тәмийинленеди.

2020-жылы жоқары оқыў орынларында оқып атырған жәрдемге мүтәж шаңарақлардың 253 перзентлерине 1,5 миллиард сумлық бир жыллық шәртнама төлемлери төлеп берилди. Усы жылы жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде қарақалпақ халқының уллы шайырлары Бердақ және Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендиялар шөлкемлестириледи.

Өткен жылды медицина тараўында да түпкиликли бурылыс жылы болды, деп айтыў мүмкин. Себеби усы ўақытқа шекем биз тийкарғы итибарды кеселликлерди емлеўге қаратқан болсақ, енди Президентимиздиң басламасы менен оның алдын алыў илажлары көрилмекте. Соның ишинде, ҳаял-қызлардың денсаўлығын сақлаў арқалы, келешекте саламат әўладты қәлиплестирген, пүткил халықтың саламатлығын тәмийинлеген боламыз. Усы мақсетте быйылғы жылдан баслап 15 жасқа шекем болған балалар ҳәм ҳәмиледар ҳаялларға 7 түрдеги витаминлер, балалар ушын паразитарлық кеселликлерге қарсы дәри-дәрмақларды бийпул бериў арқалы халық арасында кемқанлық 25 процентке азайтылады.

Сондай-ақ, медициналық хызметлер көрсетиўде басланғыш буўынның қамтып алыўын кеңейтиў мақсетинде келеси үш жылда 28 «Шаңарақлық шыпакер» пункти ҳәм үш шаңарақлық поликлиника иске қосылады. «Аўыл шыпакери» бағдарламасы шеңберинде алыс аймақларда жумыс баслайтуғын 20 дан аслам врачқа 30 миллион сумнан жәрдем пулы бериледи және олар хызмет үйлери менен тәмийинленеди.

Денетәрбия ҳәм спортты буннан былай да ғалаба ен жайдырыў арқалы – халықтың саламатлығын тәмийинлеў илажлары көриледи. Атап айтқанда, 4 спорт комплексин реконструкциялаў арқалы 16 спорт дөгереклери шөлкемлестириледи. Қала ҳәм район орайларында және мәҳәллерде «Workout» ҳәм «Streetball» майданшалары қурылады. Спорттың армрестлинг, қол урысы, бадминтон, қылышпазлық, байдарка ҳәм каноэда ескек есиў түрлери бойынша және «Мега спорт», «Атам, анам ҳәм мен – спортшы шаңарақпыз» спорт жарыслары өткериледи.

Мүрәжатта белгилеп берилген ўазыйпалар тийкарында усы жылы «Темир дәптер», «Жаслар дәптери», «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген мүтәж халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў есабынан кәмбағаллықты қысқартыў мәселеси барлық басшылардың биринши дәрежели ўазыйпасы болады.

Жаңа жылды мәҳәлле басшылары менен сөйлесиўден басладық және ҳәр бир мәҳәлле ҳәм аўылларға жуўапкер басшылардан ибарат жумысшы топар бириктирилип, бар машқалаларды орнында шешиў бойынша жаңа система жаратылып атырғанлығын атап өтиў зәрүр.

Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын Президентимиздиң өткен жылы 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тарийхый ҳүжжет болды. Усы қарар менен халықтың турмысын жақсылаў және барлық қала ҳәм районларды, тараўларды жедел раўажландырыўға хызмет ететуғын келеси үш жылға мөлшерленген 21,2 триллион сумлық 2 мың 788 жойбарды өз ишине қамтып алған бағдарлама белгилеп алынды.

Қарақалпақстанлылар бул әҳмийетли ҳүжжет бойынша әмелге асырылатуғын ўазыйпалардан руўхланып турған бир ўақытта мәмлекетимиз басшысы 2020-жылы 5-декабрь күни және бир әҳмийетли ҳүжжет – «Қарақалпақстан Республикасында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Бул қарар да Арал бойында жасайтуғын пүткил халқымыздың тәғдирине байланыслы болған халықтың турмыс абаданлығын жақсылаўға тийкар жарататуғын әҳмийетли ҳүжжет болды. Соның менен бирге, дийқаншылық, шарўашылық пенен шуғылланатуғын кластер ҳәм фермерлердиң ертеңги күнге болған исенимин және де арттырып, жаңа шеклерге руўхландырды. Себеби суў – барлық аймақларда да турмыс дәрегине салыстырылады. Бирақ Әмиўдәрьяның ең төменги бөлиминде жайласқан Қарақалпақстан ушын суў күн көрис мәселеси.

Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасындағы бар машқалаларды сапластырыўға, барлық тараўларды раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли қарарлары, ғамхорлықлары барлық қарақалпақстанлылардың қәддин көтерди. Ертеңги күнге исенимин, мийнет етиўге болған ықласын аспанға шекем көтерди. Барлық буўындағы басшылар, мәмлекет басшысының әне усы исенимине халықты разы етиў, жуўапкершилигине жүкленген ўазыйпаларды шын жүректен орынлаўға бар күшин ҳәм потенциалын жумсап атыр.

 

Қаҳрамон САРИЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги