22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының жаңа редакциядағы жойбарын таярлаў жолында

Усы жылдың 15-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң шөлкемлестириўинде мəжилис болып өтти. Мəжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша кеңесгөйи- департамент баслығы П.Дабылов алып барды.


Жыйналыста Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2020-жыл 3-ноябрьдеги “Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында тутқан орнын ҳәм оның абырайын және де арттырыў илажлары ҳаққында”ғы 135-санлы Қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде дүзилген Исши топар қурамы ағзалары Қарақалпақстан Республикасы «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының жаңа редакциядағы жойбарын таярлаў бойынша өз-ара пикир алысты.