Қәнигелестирилген
медициналық жәрдемди алыс ҳәм шетки аймақларға жеткериў, орынларда халықтың
емлениўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм жақсылаў мақсетинде Республикалық
фтизиатрия ҳәм пульмонология қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайының
хирург шыпакери, медицина илимлери докторы, профессор Назиров Примқул
Қулжанович Қарақалпақстан Республикасына келди.
Ол
С.Султанов атындағы Республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайында бир
қатар наўқасларды медициналық көриктен өткерип, солардан жети наўқасқа операция
иследи. Медициналық тексериў ҳәм операциялар ўақтында П.Қ. Назиров жергиликли
қәнигелерге мастер класс өтти ҳәм өзиниң тәжирийбелери, сондай-ақ, ең соңғы
фтизиатриялық емлеў усыллары менен бөлисти.
Исленген
операциялардан кейин наўқаслардың аўҳаллары жақсы. Усындай қәнигелестирилген
медициналық хызмет бойынша шыпакерлердиң тәжирийбе алмасыўлары медицинамызда
жетик кадрлардың билим ҳәм көнликпелериниң еле де өсиўине тийкар болыўы сөзсиз.
ҚР
Денсаўлықты сақлаў министрлиги