Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы
Қарақалпақстан филиалы Нейрохирургия бөлиминде орайлық ҳәм перифериялық нерв
системасы жарақатлары ҳәм кеселликлери емленип, республика ҳалқына сапалы
хызмет етип келинбекте.
Наўқасларға анық ҳәм ерте диагноз қойыў ушын заманагөй ЭХО-ЭС, рентген, компьютер томография ҳәм
тағы басқа да инструментал тексериў үскенелери менен тәмийинленген.
Бул бөлимде қыстаўлы медициналық жәрдемге мүтаж орайлық ҳәм
перифериялық нерв системасы жарақатларынан басқа бас мий ҳәм арқа мий өспелери
менен де наўқаслар емленбекте.
Буған мысал ретинде 2002-жыл туўылған Г.Г. атлы наўқас еки
аяғында ҳәрекеттиӊ болмаўы, аяқларында улыўма сезиўдиӊ жоқлығы менен тез жәрдем
машинасында алып келинди.
Наўқастыӊ айтыўы бойынша кеселлик 2 ай алдын басланған,
аязладым деп амбулатор шараятында емленип жүрген. Ақырғы күнлери жоқарыдағы
жағдайлар пайда болғанлығы себепли тез жәрдем машинасы менен РҚМЖИО ҚҚ
филиалына алып келинген.
Наўқас нейрохирург шыпакерлер тәрепинен неврологиялық тексериўден
өткерилгенде: эпигастрал бөлимнен
төменде сезиўшеӊликтиӊ төменлеўи (гипоэстезия) ҳәм жоғалыўы (анестезия),
аяқларда ҳәрекеттиң улыўма болмаўы (төменги параплегия), дизе,
ахиллрефлекслердиӊ улыўма шақырылмаўы анықланды. Омыртқаныӊ көкирек бөлими МРТ
тексерилиўинде vTh4-5 көкирек омыртқасыныӊ туўрысында арқа мийдиӊ экстрамедуляр
өспеси барлығы, өспениӊ арқа мийди қысып турғанлығы мәлим болды.
Наўқас РҚМЖИО ҚҚ филиалы директоры, жоқары категориялы
нейрохирург шыпакер, м.и.к. С.М.Бегалиев тәрепинен көрилип, тезлик пенен
операция жолы менен емлеў әмелге асырылды. Наўқастыӊ барлық қан анализлери
алынып, С.М.Бегалиев тәрепинен арқа мийдиӊ экстрамедуляр өспесиниң алып
тасланыў операциясы исленди.
Наўқаста операциядан кейин неврологиялық статусында регресс
пайда болып, бир күннен соӊ аяқларда сезиўшеӊликтиӊ басланыўы, аяқларда
ҳәрекеттиӊ пайда болыў белгилери жүзеге келди. Солай етип, операция табыслы
әмелге асырылды.
Медициналық мәкемелерди заманагөй медициналық тексериў
әсбап-үскенелери менен тәмийинлеў, материаллық-техникалық базасын жақсылаў,
наўқасларға тез ҳәм анық диагностика етиўде үлкен әҳмийетке ийе болып,
наўқаслардыӊ тезирек аяққа турыўында, денсаўлығыныӊ тиклениўинде өз
нәтийжелерин береди.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги