30.10.2024, Сәршемби

Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри Қанлыкөлде операция өткерди

Усы жылдың 6-ноябрь күни ҳүрметли Президентимиз тəрепинен медицина хызметкерлери күнине бағышлап өткерилген видеоселектор мəжилисинде Өзбекстанда медицина тараўын  раўажландырыўды, халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўди еле де жақсылаў, әсиресе кеселликти емлегеннен көре оның алдын алыў әҳмийетли екенин, бирлемши медициналық жәрдем көрсетиўде түпкиликли бурылыс болатуғынлығын атап өткен еди.

Сондай-ақ, Президентимиз аўыр кеселликлерге шатылған наўқаслар қәнигелестирилген сапалы жәрдем алыў ушын орайларға, Ташкентке келиўи емес, ал орай шыпакерлериниң өзлери аймақларға шығыўы, халыққа қолайлы жәрдем көрсетилиўи керек деген еди.

Усы айтылған тапсырмалардың орынланыўын тиккелей басшылыққа алған халда, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М. И. Қурбанов 10-январь күни Қанлыкөл районына барып, уролог шыпакер Б. Ықласов пенен бирге "C-r левой почки" диагнозы қойылған наўқасқа "Радикальная нефроэктомия" операциясын иследи. Айрықша атап өтиў керек, районда бундай аўыр операция биринши мәрте ислениўи. Сондай-ақ, М. И. Қурбанов Қанлыкөл районы медициналық бирлеспесинде алып барылып атырған жумыслар менен де жақыннан танысты.

 

Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриУсы жылдың 6-ноябрь күни ҳүрметли Президентимиз тəрепинен медицина хызметкерлери күнине бағышлап өткерилген видеоселектор мəжилисинде Өзбекстанда медицина тараўын  раўажландырыўды, халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўди еле де жақсылаў, әсиресе кеселликти емлегеннен көре оның алдын алыў әҳмийетли екенин, бирлемши медициналық жәрдем көрсетиўде түпкиликли бурылыс болатуғынлығын атап өткен еди.

Сондай-ақ, Президентимиз аўыр кеселликлерге шатылған наўқаслар қәнигелестирилген сапалы жәрдем алыў ушын орайларға, Ташкентке келиўи емес, ал орай шыпакерлериниң өзлери аймақларға шығыўы, халыққа қолайлы жәрдем көрсетилиўи керек деген еди.

Усы айтылған тапсырмалардың орынланыўын тиккелей басшылыққа алған халда, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М. И. Қурбанов 10-январь күни Қанлыкөл районына барып, уролог шыпакер Б. Ықласов пенен бирге "C-r левой почки" диагнозы қойылған наўқасқа "Радикальная нефроэктомия" операциясын иследи. Айрықша атап өтиў керек, районда бундай аўыр операция биринши мәрте ислениўи. Сондай-ақ, М. И. Қурбанов Қанлыкөл районы медициналық бирлеспесинде алып барылып атырған жумыслар менен де жақыннан танысты.

 

Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри