Өзбекстан
Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-октябрдеги “Мәлимлеме технологиялары
тараўында билимлендириў системасын жәнеде
раўажландырыў ҳәм ИТ-индустрия менен интеграция қылыў ис-иләжлары хақында”ғы
ПҚ-4851-санлы қарары тастықланып, усы қарар тийкарында барлық қала ҳәм районларда
информатика ҳәм информацион технологияларға
тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеплер ашылыўы белгиленген.
Қарар
менен Нөкис қаласында жайласқан 2-санлы улыума билим бериў мектеби негизинде
информатика ҳәм информацион технологияларға тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген
мектеп шөлкемлестирилмекте.
Қәнигелестирилген
мектепке мәлимлеме технологияларына қызығыўшы оқыўшыларды таңлап алыў
мақсетинде усы жылдың 12-январь күни тест сынақлары болып өтти.
Тест
сынақлары 2-санлы мектептиң спорт залында өткерилип,
ата-аналар ушын қолайлық жаратыў, тест сынақларының ашықлығын тәминлеў
мақсетинде видеокамералар қойылып, ата-аналарға тест сынақларында қатнасып
атырған балаларын гүзетип барыў имканиятлар жаратылды.
Қарақалпақстан
Республикасы бойынша 10 нан аслам
мектеплерден,
жәми 86 оқыўшылар тест сынақларында
қатнасты.