Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Аймақлық перинатал орайын (I-туўыў ҳәм ҳәмиледарлар патологиясы бөлимлеринен
тысқары) 2021-жыл 31-мартқа шекем дезинфекция ҳәм оңлаў жумысларын алып барыў
ушын жабыў ҳаққында буйрық қабыл етти.
Сол мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық
перинатал орайының бөлимлери усы орайға жақын Нөкис қалалық медицина бирлеспеси
ҳәм Хожели районлық медицина бирлеспесиниң туўыў бөлимлерине, Нөкис районлық
медициналық бирлеспесиниң 70 орынлық жаңа имаратына, сондай-ақ, Республикалық
балалар туберкулёзге қарсы гүресиў санаториясының бос турған имаратларына
көширилиўи нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық перинатал орайын
дезинфекциялаў ҳәм оңлаў жумыслары бойынша тийисли мәкеме ҳәм жуўапкер
шахсларға тапсырмалар берилген.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги