Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри
орынбасары Ш. Шораҳмедов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў
министри М. Қурбановлар республикамыздағы бир қатар емлеў-профилактика
мәкемелери искерлиги ҳәм оларда жаратылған шараятлар менен танысты.
Танысыўлар барысында, Қарақалпақстан Республикасында
эпидемиологиялық жағдайдың турақласып атырғанлығы инабатқа алынып,
коронавирусқа шатылған ҳәм гүман етилген наўқасларға емлеў усылларының
үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм инфекцияға қарсы гүресте қәнигелескен күшлердиң
тарқақлығын сапластырыў мақсетинде Нөкис Олимпия ҳәм миллий спорт мектебинде
шөлкемлестирилген коронавирус инфекциясына шатылған наўқасларды саралаў ҳәм
емлеў орайы консервация тәризде жабылды.
Бул жерде емленип атырған азшылық наўқаслар Республикалық
жуқпалы кеселликлер емлеўханасындағы арнаўлы бөлимге көширилди. Ўақтынша
коронавирус инфекциясына шатылған наўқасларды саралаў ҳәм емлеў орайында
искерлик көрсетип атырған медицина хызметкерлери менен мийнет шәртнамалары
тийисли тәртипте бийкар етилип, олар алдынғы жумыс орынларына қайтарылды.
Еслетип өтемиз, Коронавирус инфекциясына шатылған
наўқасларды саралаў ҳәм емлеў орайы егер де эпидемиологиялық аўҳал жаманласқан
жағдайда қайта ашылыўға таяр ҳалатта турыпты.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мəлимлеме хызмети