22.12.2024, Екшемби

Балалы шаңарақларға напақалар, бала күтими бойынша напақалар яки материаллық жәрдемди төлеӯ тәртиби



Балалы шаңарақларға напақалар, бала күтими бойынша напақалар яки материаллық жәрдемди төлеў тәртиби

 

Балалы шаңарақларға напақалар, бала күтими бойынша напақалар яки материаллық жәрдем, сондай-ақ, компенсация АК “Халық банки”ның район (қала) бөлимлери (филиалы) арқалы нақ пул формасында яки пуқараның қәлеўи бойынша пул қаржыларын нақ пулсыз өткериў жолы менен банктың (пластик) есап бетлери арқалы төленеди.

 

Балалы шаңарақларға напақалар, бала күтими бойынша напақалар яки материаллық жәрдемди таярлаў шәртлери

Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 0.527 есесинен артық болмаған муғдарда туўра келетуғын орташа айлық айлық жәми дәраматқа ийе болған шаңарақларға таярланады.

Белгиленген  шаңарақтың ҳәр бир ағзасына МҲТЕКМ

679330 сўм*0.527=358006.9 сўм

Балалы шаңарақларға напақа ҳәм материаллық жәрдем

6 ай мүддетке таярланады.

1 бала 60% 131000

2 бала 100% 217000

3 бала 140% 304000

Материаллық жәрдем

 150% 326000 сўм

Бала күтими бойынша напақалар

12 айға бирақ, 2 жастан артық емес мүддетке. Напақа муғдары 434000 сўм


 

Мүрәжат етиӯ тәртиби

-         Жасаў орны бойынша турақлы яки ўақытша дизимде бар екенлиги;

-         Арза, паспорт нусқасы, неке дүзилгенлиги ҳаққындағы гуўалық, бала туўылғанлығы ҳаққындағы гуўалық, әмеңгерлик ҳәм қәўендерлик органы қарары;

-         Ҳәр айдың 15-күнинен кешиктирмей пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымларына тапсырылады.

 

Төмендеги жағдайларда напақа таярлаў бийкар етиледи.

-         Турақлы яки ўақытша дизимнен өтпегенлиги;

-         Орташа айлық жәми дәраматының белгиленген муғдардан (критерия) артықлығы

-         Арза бериўши ҳәм оның шаңарақ ағзаларында еки ҳәм оннан артық көшпес мүлк бар болғанда;

-         Арза бериўши ҳәм оның шаңарақ ағзаларында ислеп шығарылған мүддети 10 жылдан аспаған, техник жағдайы саз (жақсы) болған автотранспорт қуралы барлығы;

-         Жәми еки ҳәм оннан артық, техникалық жағдайы саз (жақсы) болған автотранспорт қуралы барлығы;

-         Дәраматлардың рәсмий дереклерине ийе болмаған ҳәм ақырғы алты ай даўамында мийнет органларына мүрәжат етпеген ҳәм есапта турмаған яки ҳақы төленетуғын жәмәәтлик ислер қатнасыўшысы есапланбаған шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзасының барлығы.

 

Орташа айлық жәми дәрамат муғдарын анықлаў

-         Мийнетке ҳақы төлеў формасындағы дәраматлар

-         Мүлкий дәраматлар;

-         Жеке тәртиптеги исбилерменлик хызметинен алынған дәраматлар;

-         Жеке жәрдемши (дийҳан) хожалығын жүритиўден алынған дәрамат.

-         Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа дәраматлар.

 Мийнетке ҳақы төлеў формасындағы дәраматлар есапланған сумма бойынша есапқа алынады (нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер шегирип қалынғанына шекем).

 


Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.

Пенсия қоры “Исеним телефоны” 11-40

Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (61) 780-03-31

https://t.me/PensionFundRUz  

https://t.me/QRPensiya