«Дүние таланттары Одағы» шешими менен Өзбекистан Республикасы пуқарасы «Дүние таланттары Одағыныӊ мүшесi» Минара Қалбаева «Елеулi еңбегi үшін»- көкирек белгиси менен сыйлықланбақта! Сондай ақ ол усы күнге шекем Халық аралық «Дүнья талантлылары аўқамы» тәрепинен шөлкемлестирилген бир неше таӊлаўлардыӊ жеӊимпазы болып келген яғный дуньяға белгили Абай Қунанбаевтиӊ 175-жыллығы мүнәсибети менен өткерилген Халық аралық онлайн таӊлаўда Ⅲ- орынды, «Дүнья талантлылары аўқамы»ныӊ ағзасы Жарқынбек Қарақуловтыӊ поэзиясына тийкар өткерилген Халық аралық таӊлаўда да Ⅲ- орынды жеӊип алған еди.
Жақында Қырғызыстан Республикасыныӊ «Кыргыз акын-жазуучулары» аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген «Эне» атлы Халық аралық онлайн таӊлаўда Ⅱ-оынды ийелеп, «Мықты қаламгер» (Күшли қәлем ийеси) номинациясын жеӊип алды. Сондай ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта тәлим министрлиги жанындағы Жоқары тәлимди раўажландырыў изертлеўшилери республика көлеминде «Жылдыӊ еӊ излениўшеӊ студенти» онлайн таӊлаўыныӊ поэзия жөнелисинде Ⅰ-орынға ылайық деп табылды.
Минара Қалбаеваныӊ қосықлары Республикамыз бойлап, соныӊ менен бирге Қазақстан ҳәм Қырғызыстан Республикаларында да белгили шайырлар тәрепинен аўдарма исленип газета бетлеринде жәрияланып келмекте. Биз Минара Қалбаеваныӊ жеӊислери менен қызғын қутлықлап, буннан да үлкен табысларды тилеп қаламыз.