Ана меҳирин берип, өз перзентлериндей тәрбиялап атырған Хожели районындағы
«Меҳрибанлық үйи» директоры Светлана Михайловна Сон басшылығындағы бир топар
балалар Шымбай районында саяҳатта болды.
Саяҳаттың дәслепки адымы Шымбай районындағы Мəнаўият орайынан басланды.
Қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллери есапланған шайыр Күнхожа, Бердақ
сондай-ақ, бақсылар мектебиниң тийкарын салыўшы Ахымбет бақсы естелигине
бағышланған мақбара ҳәм қарақалпақ халқының тарыйхын сәўлелендириўши музей
экспонатлары кишкене балаларға, қалаберсе устазларына кең түрде түсиндирилди.
Саяхат даўамында балалар «Қара үй устаханасы»н барып көрди.
Шымбай академиялық лицейинде жайласқан, шайыр
Ибрайым Юсуповқа бағышланған музей экспонатлары менен жақыннан танысқан жаслар
шайыр бабамыздың қәлемине тийисли дөретпелерин шеберлик пенен атқарды.