2021-жыл 9-январь күни Хожели районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында районның ҳуқық қорғаў уйымлары муўапықластырыўшы Кеңес мәжилиси болып өтти. Онда, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим баслығы орынбасары Л.Есемуратов, район 4 сектор баслығы, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Кеңесте район прокуроры Д.Елмуратовтың нызамшылықты беккемлеў,
пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм
ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў барысында 2020-жылда әмелге асырылған прокурор
бақлаўы жумысларының жуўмақларын додалаў ҳәмде алдағы ўазыйпаларды белгилеў,
районның ҳуқық қорғаў уйымлары муўапықластырыўшы Кеңесиниң 2021-жыл биринши
ярымына белгиленген ис режесин тастыйықлаў бойынша баянаты тыңланды. Буннан
соң, мәжилис қатнасыўшыларда шығып сөйлеп 2020-жыл даўамында жол қойылған
қәте-кемшиликлер қатаң түрде сынға алынды ҳәмде орынланыўы бойынша тийисли
тараў ўәкиллерине көрсетпелер берилди.
Район ҳəкимлигиниң мəлимлеме хызмети