Мойнақ районы Республикамыздың ең алыс аймақларынан есапланады. Соңғы үш жылда районды социяллық-экономикалық раўажландырыў, усы жерлик адамлардың турмысын жақсылаў барысында бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылды. Мойнақ бүгин өзгерди, жаңаланды.
Районның өзине тән тәбияты, туризм тараўы ҳәм мәдений
мийрас объектлери менен де басқа аймақлардан ажыралып турады.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги директоры орынбасары Н.Мухаммадиев усы жылдың 6-январь күни Мойнақ районында болды.
Агентлик директоры орынбасары дәслеп, Мойнақ районы
Мәмлекетлик хызметлер орайында болып, орайда ҳалыққа ҳәм исбилерменлик
субъектлерине сапалы, қолайлы ҳәм ашық хызмет көрсетилиўи ушын жаратылған
қолайлықлар менен танысты.
Ушырасыў даўамында орайда район ҳалқы, жаслар ҳәм кең
жәмийетшилик пенен ушырасыў болып өтти. Ушырасыў қатнасыўшыларына мәмлекетлик
хызметлерди көрсетиў тараўы бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, ең көп жоқары болған электрон хызметлер, олардан аралықтан турып
пайдаланыўдың абзаллықлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Пайтахтымыздан 220 км алыста жайласқан Мойнақ бүгинги күнде Президентимиздиң басламасы менен жүдә гөззал аймаққа айланған. Ҳәзирги күнде районда 32 мыңнан аслам халық жасайды. Мине усындай аймақта жасап атырған пидәйы адамлар ушын барлық зәрүр шараятлар жаратып бериў, олардың мәмлекетлик хызметлерден еркин пайдаланыўлары ушын қолайлықлар жаратыў системасындағы ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз саналады.
Район ҳалқы ушын бүгинги күнде заманагөй, қолай ҳәм
барлық шараятларға ийе болған ықшам ҳәм жоқары дәрежедеги қолайлықларды өз
ишине алған Мәмлекетлик хызметлер орайы имәратында хызмет көрсетилип
келинбекте.
Өткен 2020-жыл даўамында пандемия шараятында да Мойнақ районы МХО тәрепинен халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине жәми 20 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. 190 юридикалық, 239 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Электрон мәмлекетлик хызметлерден онлайн түрде жәми 265 хызметлер пайдаланылған. Орайға келиўшилер ушын ажыратылған өз-өзине хызмет көрсетиў мүйешлеринде 100 ге жақын пуқаралар мәмлекетлик хызметлерден пайдаланды, электрон нәўбет системасы да жолға қойылған.
Усы күни районның “Ҳәким ата” АПЖ Алий аўыл
пуқараларына көшпели түрде мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Соның менен бирге,
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен усы аймақта жасаўшы I-топар нәгиранлығы
болған 1934-жыл туўылған Алиева Жыға апаға ҳәм Арал бойында жасаўшы кем тәмийинленген,
социяллық жәрдемге мүтәж болған халық қатламына зәрүр азық-аўқат өнимлери
тарқатылды.
Соның менен бирге, район ПҲАЖ бөлими тәрепинен
аймақтағы “Арал” МПЖ да жасаўшы Айтымбетова Бухаргүль Мендибаевнаның перзентине
яғный, 2005-жыл туўылған Тажимуратов Диярбек Бахтияр улына туўылғанлық ҳаққындағы
гүўалығы көшпели тәртипте тапсырылды.
- Биз
ушын усындай қолайлықлар жаратып, перзентимниң биринши ҳүжжети болған
туўылғанлық ҳаққындағы гүўалығын үйимизге көшпели тәртипте жеткерип, аўырымызды
жеңил қылған ҳәм артықша ҳәрежет сарыплаўымыздың алдын алған ПҲАЖ бөлими хызметкерлерине
шексиз миннетдармыз – деди Айтымбетова
Бухаргүль
Мойнақтың мине усындай мийнеткеш, пидәкар адамларының
ҳеш кимнен кем болмай, турмыстан разы болып жасаўлары ушын барлық қолайлықларға
ийе орай имәратында, зәрүр мәмлекетлик хызметлер көрсетилип келинбекте.
Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде, бүгинги Мойнақ
ҳәр тәреплеме раўажланып атырған, орынлары абадан, халқы пәрәўән, өз-ара
татыўлықта жасап атырған ҳәм жәнеде раўажланыў ушын көтерилип атырған үлке
болып есапланады.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар бөлими