22.12.2024, Екшемби

8 январь – Прокуратура органлари хызметкерлери күни

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасында Ɵзбекстан Республикасы прокуратура хызметкерлери күни мүнәсибети менен  салтанатлы мәжилис болып өтти.

 Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия, Арқа-Батыс әскерий округи, ғалаба хабар қураллари ўəкиллери, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти, Мәжбүрий орынлаў Бюросы хызметкерлери қатнасты.

 

Байрам илажын Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ф.Алламбергенов кирис сѳз бенен ашты ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

 Байрам илажында қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Давлетов ҳәм басқалар сөзге шығып, прокуратура хызметкерлерин кəсиплик байрамы менен қутлықлап,  мəмлекетимиз раўажланыўының жаңа басқышында жəмийетте əдилликти қарар таптырыў, нызамшлықты беккемлеў ҳəм де инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша кең кѳлемли ҳəм мисли кѳрилмеген реформалар əмелге асырылып атырғанлығын, бунда жəмийетте нызамшылықты беккемлеў, нызам үстинлигин тəмийинлеў, жынаят ҳəм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда прокуратура органларының үлеси үлкен екенлигин атап өтти.

 

 Байрам илажы соңында пидəкерлик ҳәм ҳадал мийнети менен тараў жумысына ѳзиниң мүнəсип үлесин қосып, хызмет ўазыйпаларын орынлаўда үлги болып киятырған бир қатар прокуратура хызметкерлери сыйлықланды.