22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суўы ҳәм ақаба суў системасын жақсылаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында



 

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ
ОН ЕКИНШИ СЕССИЯСЫ

 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң

Қ А Р А Р Ы

Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суўы ҳәм ақаба суў системасын жақсылаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-сентябрьдеги «Ишимлик суўы тәмийнатын ҳәм ақаба суў системасын жәнеде жетилистириў ҳәмде тараўдағы инвестиция жойбарларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6074-санлы Пәрманы менен 2020-жыл 1-октябрьден баслап ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў тараўында инвестиция жойбарларының усыныслары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәмде Ташкент қаласы Кеңеслеринде додаланыўы ҳәм тек ғана олардың келисими менен әмелге асырылыўы шәрт деп көрсетилген.

Сондай-ақ, инвестиция жойбарларының ҳәр бириниң орынланыўы жағдайы турақлы түрде тийисли жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымлары, депутатлар тәрепинен орынларға шыққан ҳалда мониторинг өткерилиўи белгиленген.

Буннан тысқары, усы Пәрман менен 2020-жыл 1-октябрден баслап аймақларда шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасына қарамастан, суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери ушын тәртипке салынатуғын баҳалар (тарифлер) бойынша дәслеп монополияға қарсы гүресиў ҳәм баҳаларды (тарифлерди) тәртипке салыў уйымларының жуўмақлары алынып, кейин-ала тийислилигинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәмде Ташкент қалалық Кеңеслери қарарлары менен мақулланғаннан соң тастыйықланыўы белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-сентябрьдеги «Ишимлик суўы тәмийнатын ҳәм ақаба суў системасын жәнеде жетилистириў ҳәмде тараўдағы инвестиция жойбарларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6074-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, халыққа ишимлик суўды сапалы жеткерип бериўди жәнеде жақсылаў бойынша тийисли тараў басшыларының есабатлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң, Финанс министрлигиниң жуўмақларынан келип шығып, билдирилген пикир-усынысларын инабатқа алған ҳалда ҳәмде «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 7-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Қ А Р А Р    Е Т Е Д И:

1.     Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-сентябрьдеги «Ишимлик суўы тәмийнатын ҳәм ақаба суў системасын жәнеде жетилистириў ҳәмде тараўдағы инвестиция жойбарларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6074-санлы Пәрманында белгиленген талаплар орынлаў ушын басшылыққа алынсын.

2.     Төмендегилер:

– суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери ушын тәртипке салынатуғын баҳалар (тарифлер) бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәмде Финанс министрлигиниң мәлимлемелери;

– «2021-2023-жылларға белгиленген ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын комплекс раўажландырыў бағдарламасы»на Қарақалпақстан Республикасы бойынша киргизилип атырған жойбарлар ҳаққында «Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы А.Қудайназаровтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

3.     Төмендегилер:

– Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2021-2023-жылларда «Ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын раўажландырыў» фонды қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың мәнзилли дизими 1-қосымшаға муўапық;

– Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2021-2023-жылларда «Арал бойы аймағын раўажландырыў» бағдарламасы тийкарында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың мәнзилли дизими 2-қосымшаға муўапық;

– суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлериниң баҳаларына (тарифлерине) өзгерислер киргизиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усынысы ҳәмде Монополияға қарсы гүресиў комитети, Финанс министрлиги тәрепинен берилген жуўмақлары 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.

4.     Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Сариев) «Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте:

– қала ҳәм районларда ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасында әмелге асырылыўы белгиленген инвестициялық жойбарларының сапалы орынланыўын ҳәмде ҳүкимет кепиллиги астында халықаралық финанс институтларынан алынған кредитлердиң қайтарылыўы ушын жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын;

– ишимлик суўы тәмийнаты жойбарларында жойбар инициаторларының шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасына қарамастан, есаплағышлардың мәжбүрий рәўиште орнатылыўы менен бир қатарда ишимлик суўы үй хожалығына шекем өткерилиўин нәзерде тутсын;

– қала ҳәм районларда ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тараўын раўажландырыў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестирсин ҳәмде халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи дәрежесин басқышпа-басқыш көтерип барсын;

– ишимлик суўы менен тәмийинленбеген халыққа суўды тасып жеткериў жумысларын еледе жетилистириў ҳәм арнаўлы техникалардың жеткиликлилигин, суўдың сапасын қадағалаўға алсын;

– ишимлик суўы ҳәм канализация төлемлериниң өз ўақтында өндирилип барылыўын қадағалап барсын ҳәмде суў тәмийнаты кәрханаларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша анық илажлар көрсин.

5.     Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине (Е.Аташев) Финанс министрлиги (М.Содиқов), Турақ жай – коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги (А.Досназаров), «Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте:

– Министрлер Кеңеси жанынан исши топар дүзген ҳалда халыққа таза ишимлик суўын жеткерип бериў ҳәм оның анық есап-китапларының жүргизилиўи барысын үйренип шығып, барлық аймақлардағы ишимлик суўы тутыныўшыларын толық қамтыған ҳалда есаплағышлардың белгиленген тәртипте орнатылыўы бойынша анық илажларды көриў ҳәмде усы мәселелер бойынша шөлкемлестириўшилик жақтан әмелий жәрдемлер көрсетип барыў;

– Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2021-2023-жылларда әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларды белгиленген тәртипте өз мүддетлеринде қаржыландырыў ҳәмде өз ўақтында сапалы етип қурып пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлеў бойынша анық илажлар көриў;

– ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасында әмелге асырылыўы белгиленген инвестиция жойбарларының орынланыўы мониторингин жүргизип барыў бойынша исши топарлар дүзиў ҳәмде
исши топарлар тәрепинен усынылған мағлыўматлар тийкарында белгиленген жойбарлардың орынланыўын кеминде ҳәр айда бир мәрте мәжилислерде сын көз қарастан додалап барыў;

– өз ўақтында ҳәм толық орынланбаған инвестиция жойбарлары бойынша жуўапкер болған министрлик, басқарма ҳәм шөлкем басшыларына тийисли шара көриў бойынша усыныслар киргизип барыў;

– қала ҳәм районлардағы барлық пуқаралар жыйыны ҳәм кәрхана, шөлкемлерде ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери ушын тастыйықланған баҳалар (тарифлер) бойынша түсиндириў жумысларын алып барыў ўазыйпалары жүкленсин.

6.     Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине ишимлик суўы ҳәм ақаба суў системасы бойынша әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбардың сапалы орынланыўын орынларға шыққан ҳалда үйренип барыў ҳәм турақлы түрде қадағалаўға алыў тапсырылсын.

7.     Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Н.Ерлепесов, Е.Аташев), Әдиллик министрлиги (С.Мамбеткадыров), Финанс министрлиги (М.Содиқов), Монополияға қарсы гүресиў комитети (З.Камалов),
Турақ жай – коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги (А.Досназаров),
«Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (А.Қудайназаров) Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы менен биргеликте пуқараларға, исбилерменлик субъектлерине суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлериниң баҳаларына (тарифлерине) өзгерислер киргизилгенлиги бойынша ғалаба хабар қуралларында жарытып барыў тапсырылсын.

8.     Бул қарар «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана» ҳәм «Qoraqalpog’iston tongi» газеталарында жәриялансын. Усы қарар рәсмий жәрияланған күннен күшке киргизилсин.

9.     Қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариевқа, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетовқа жүкленсин.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                                М.Камалов

 

Нөкис қаласы, 28-декабрь 2020-жыл
№ 94/XII

 

Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң
2020-жыл  28-декабрьдеги
94/XII-санлы қарарына
3-қосымша

 

Қарақалпақстан Республикасы суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери ушын әмелдеги ҳәм енгизилип атырған баҳалар (тарифлер)

 

 

Көрсетилетуғын хызметлер

Өлшем бирлиги

Әмелдеги баҳа (тариф)

Енгизилип атырған баҳа (тариф)

Ишимлик суўын жеткерип бериў баҳасы

Пуқаралар ушын

1 м3/сўм

1000

1850

Бюджет мәкемелери ҳәм юридикалық шөлкемлер (Қосылған қун салығысыз)

1 м3/сўм

3300

3695

Ақаба суў хызмети баҳасы

Пуқаралар ушын

1 м3/сўм

830

1100

Бюджет мәкемелери ҳәм юридикалық шөлкемлер (Қосылған қун салығысыз)

1 м3/сўм

2300

2350