22.12.2024, Екшемби

Тахтакөпир районы "Бөршитаў" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жер майданларына егилетуғын аўыл хожалығы егинлерин ҳәм бағларды тамшылатып суўғарыў ушын суў ҳәўизин пайда етиў бағдарында арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы басланды

Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 6/6/42-136-санлы хаты тийкарында, "Бөршитаў" АПЖ аймағында егилетуғын аўыл хожалығы егинлерин ҳәм бағларды тамшылатып суўғарыў ушын суў ҳәўизин пайда етиў жумысларын шөлкемлестириў бойынша арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы басланды. 6-16-январь күнлери аралығында даўам ететуғын арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы ушын зəрүрли техникалар толық тəмийинленди.


Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, "Аймақгаз Қарақалпақстан" филиалы, "Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары" АЖ, Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги, "Қарақалпақ суў тәмийнаты" ҳәм олардың райондағы бөлимлери менен филиаллары тәрепинен арнаўлы техникалар, әсбап-үскенелер менен тәмийинленген, тәжирийбели қәнигелерден ибарат жеке қурам ҳәм тез жәрдем, аварияны тиклеў бригадалары жумыс алып бармақта.

 

Районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети