22.12.2024, Екшемби

Жасминаның жағдайы операциядан соң жақсы екенлиги айтылмақта

Нөкис районы «Қырантаў» АПЖ аймағында жасаўшы 2019-жыл 13-декабрь күни туўылған Ережапбаева Жасмина бөтекесинде 10 см өсимте менен туўылған. Шыпакерлер тəрепинен бул өсимтени тезлик пенен операция жолы арқалы алып таслаў кереклиги айтылған. Бундай операция жүда көп қәрежет талап ететуғынлығы ҳәмде операция Ташкент қаласында тәжрийбели шыпакерлер тәрепинен ислениўи себебли бул шаңарақ пулдан қыйналып қалған.

 

Анасы Шарибаева Қундыз Нөкис район ҳәкимлигине бул бойынша мүрәжаты етти. Пуқараның мүрəжаты район ҳәкимлиги тәрепинен үнамлы шешилип 14 млн 500 мың сўм қаржылай жәрдем берилды.

 2020-жыл 15-декабрь күни Жасминаға Ташкент қаласында операция исленди. Анасы ҳәм шыпакерлердиң айтыўына қарағанда ҳәзирги ўақытта Жасминаның жағдайы жақсы.

 

Нөкис районы  ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети